Ўзбекистон Президенти Жаҳон сайёҳлик ташкилоти бош котибини қабул қилди

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-август күни Самарқанд қаласында «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалында ҳәм «Жәҳән прогресси тарийхында Орайлық Азия Ренессансы» халықаралық әнжуманында  қатнасыў ушын елимизде болып турған БМШ Жәҳән туристлик шөлкеминиң бас хаткери Талеб Рифаиди қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, БМШтың туризм саласындағы қәнигелескен институты менен бирге ислесиў жедел ҳәм нәтийжели алып барылып атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекистан Жәҳән туристлик шөлкемине 1993-жылы ағза болған. 2004-жылдан Самарқанд қаласында усы шөлкемниң Уллы жипек жолы бойынша регионаллық офиси жумыс алып бармақта. Бирге ислесиў нәтийжесинде өткен дәўирде Өзбекистанның туризм саласындағы потенциалын әмелге асырыўға және жәҳән туризм базарында үгит-нәсиятлаўға қаратылған онлаған әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылды.

2014-жыл октябрь айында Өзбекистанда шөлкемниң Атқарыўшы кеңесиниң 99-сессиясы табыслы өткерилди, онда туристлик саласындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм «Уллы жипек жолы» брендин кеңнен ғалаба ен жайдырыў бойынша Келисимге қол қойылды.

Ушырасыўда туризм саласындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўдиң перспективалы бағдарлары додаланды.

Өзбекистан ҳәм Орайлық Азия регионы бойлап саяхатларды ғалаба ен жайдырыў бойынша өз-ара муўапықластырылған илажларды көриў, туризмниң жаңа түрлерин раўажландырыў ҳәм өтимли туризм өнимлерин ислеп шығыў, халықаралық стандартларға жуўап беретуғын заманагөй инфраструктура жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Талеб Рифаи Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди ҳәм Өзбекистанда туризм саласын экономиканың стратегиялық тармағы сыпатында раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди.

Бас хаткер Жәҳән туристлик шөлкеми Өзбекистанда туризмди раўажландырыўға байланыслы бағдарламалар менен жойбарларды белсене қоллап-қуўатлаўға ҳәм оларда қатнасыўға таяр екенин атап өтти.

ӨзА