Өзбекстанда оқытыўшыларға жеңилликли кредитлер тийкарында социаллық турақ жайлар ҳәм автомашиналар берилиўи күтилмекте. Сондай-ақ, оқытыўшылардың шаңарақ ағзаларына жәрдемши хожалық басқарыў ушын қарамал ҳәм таўықлар сатып алыў, ыссыханалар, лимонарийлер сыяқлыларды жаратыў ушын жеңилликли кредитлер бериледи.

Kun.uz хабаршысы Бас министр орынбасары Азиз Абдуҳакимовтың 17-июль күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткен жыйналыстың жуўмақлары ҳаққында берген мағлыўматларына тийкарланып хабар бермекте.

Сондай-ақ, Өзбекстанда оқытыўшылардың мийнет ҳақысы көбейтиледи. Газета ҳәм журналларға мәжбүрий жазылыўлар бийкар етиледи. Артықша жазыў-сызыўлар тоқтатылады. Халық билимлендириў министрлиги менен муўапықластырылмаған тексериўлер өткерилмейди. Халық билимлендириў системасы хызметкерлериниң ҳәр қыйлы абаданластырыў жумысларына тартылыўы қадаған етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги