Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-июньдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде республикамызда айтарлықтай таярлық жумыслары алып барылмақта..

-Ҳақыйқатында да, ҳүрметли Президентимиздиң бул қарары өзиниң әҳмийети жағынан тарийхый ҳүжжет болып табылады,-дейди республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қуўанышбай Юсупов.-Байрам алдынан республикамыз бойлап «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» деген идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажларды және үгит-нәсият жумыслары кең түрде алып барылады. Еркин ҳәм абадан турмысымызды, уллы келешегимизди тек ғана ғәрезсизлик тийкарында әмелге асырмақтамыз.  Адамларымызды, ел-журтымызды тек ғана ғәрезсиз сиясаттың нәтийжесинде разы етиўимиз мүмкин.

Қарарда атап көрсетилгениндей, тек ғана ғәрезсизлик бүгинги ҳәм келешек әўладлар ушын мисли көрилмеген имканиятлар ашып берди. Мине усы көз-қарастан елимиздиң ғәрезсизлигин, оның тарийхы менен байланыслы ўақыя-ҳәдийселердиң мазмунын терең түсиниў ҳәм қәдирлеў, ҳәр тәреплеме мүнәсип белгилиў жәмийетлик-сиясий ҳәм мәнәўий турмысымызда әҳмийетли орын ийелейди. Ўатанымыздың бир нешше мың жыллық тарийхында пүткиллей жаңа бурылыс болған елимизди халықаралық жәмийетшиликтиң тең ҳуқықлы ағзасына айландырған уллы мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамын мүнәсип күтип алыў ҳәм белгилеў баслы бағдар болып табылады. Байрамның бас бағдарында елимизде әмелге асырылып атырған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы менен сәйкес ҳәм үнлес ҳалда таярланды.

Байрам алдынан өткерилетуғын руўхый-ағартыўшылық илажлар және үгит-нәсият жумысларында бириншиден, инсан мәплерин тәмийинлеў, нызам үстинлигине ерисиў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаўдың әмелиятқа енгизилгенлиги,  екиншиден, жәмийетте экономиканы раўажландырыў ҳәм белсенди исбилерменликти қоллап-қуўатлаў дәўир талабы екенлиги күнделикли турмысымыздағы жетискенликлеримиз арқалы көрсетилип берилмекте. Буннан тысқары,  социаллық тараўды, атап айтқанда, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер, туризм ҳәм спорт тараўларындағы елеўли өзгерислер мақтаныш пенен атап өтилип,  Президентимиздиң басшылығында тынышлық-татыўлықты ҳәм қәўипсизликти, миллетлер аралық аўызбиршиликти ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў, узақ ҳәм жақын мәмлекетлер менен әмелге асырылып атырған өз-ара пайдалы байланысларға  айрықша итибар қаратылмақта.

«Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астындағы бағдарламаның халықтың кең қатламына түсиникли ҳәм нәтийжели болыўына ерисиў мақсетинде Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы барлық бөлимлериниң «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети жумыс алып барады. Орынларда дөгерек сәўбетлери, әдебий кешелер, мәдений илажларды шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде, белгили илимпазлар, дөретиўши зиялылар, көркем өнер ғайраткерлеринен ибарат үгит-нәсият топарлары дүзилип, реже ислеп шығылмақта.

Республикамыз пайтахтында, қала ҳәм район орайларында өткерилетуғын байрам тамашаларының бағдарламаларын таярлаўға қәнигелер, халық талантлары, жетик сценаристлер, режиссёрлардан ибарат дөретиўшилик топарлар қатнасады. Байрам алдынан дәстүрге айланған «Жалғызсаң сен, муқаддес Ўатан!», «Ең уллы, ең әзиз», «Реңлер жилўасында – ана дияр», «Ўатан ушын жасайық!» дәстүрий таңлаўларды  өткерилип, оның жеңимпазлары сыйлықланады.

Жуўмақлап айтқанда, байрамға бағышланған илажларды көтериңкилик руўхта өткериў ғәрезсизликтиң ең уллы, ең әзиз екенлигин және бир мәрте ҳәр бир Ўатанласымыздың шен жүректен сезиниўине  хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.