Усы жыл 1320-июль күнлери аралығында Қырғызстан Республикасының Бишкек қаласында өткерилип атырған «Ыссық көл досларды жыйнамақта – 2018» халықаралық этнокарнавалда Тахтакөпир районындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинен 10 оқыўшы қатнаспақта. Бүгин олар усы карнавалдың «Соло халық сазлары» бағдарында улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи.

–  Жасларға исеним билдириў менен бирге, кең имканиятлар жаратыў, әлбетте, жеңислерге жетелейди,-дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Тахтакөпир районлық Кеңесиниң баслығы Таран Нагимов. – Атап айтқанда, Жаслар аўқамының Тахтакөпир  районлық Кеңеси де район жасларының машқалаларын мүмкиншилиги болғанынша шешип, олар менен тығыз бирге ислесип келмекте.

Усы карнавалда қатнасқан тағы бир оқыўшымыз Шахсәнем Сейтова да бүгин жеке атқарыўда сыйлы 2-орынды ийеледи.

Бул қуўанышлы хабарды бизге 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң жетекшиси Д.Қытайбекова жеткерди.

Биз олардан буннан да жақсы нәтийжелерди күтип қаламыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.