Ферғанада Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Тәжикстан Республикасы Бас министри Қоҳир Расулзода басшылығындағы усы елдиң делегациясы менен ушырасты. Онда еки мәмлекет министрликлери ҳәм ведомстволарының, экономикалық структуралардың басшылары қатнасты.

Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери, болажақ жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Тәжикстан ушырасыўына таярлықтың барысы додаланды.

Еллеримиз арасындағы өз-ара бирге ислесиў халықларымыздың узақ мүддетли мәплерине жуўап беретуғын, Орайлық Азия регионындағы тынышлықты, турақлылықты, қәўипсизликти ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўде тийкарғы фактор болатуғын дәрежеге көтерилмекте. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл март айында Тәжикстанға мәмлекетлик сапары еллеримиз арасындағы бирге ислесиў қатнасықларын жаңа басқышқа көтерди. Онда сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

Соңғы ўақытлары барлық тараўларда бирге ислесиў кеңеймекте. Усы жылдың биринши ярымында өз-ара саўда айланысы өткен жылға салыстырғанда  35 процентке көтерилгени бул бағдардағы жумыслардың әмелдеги көриниси болып табылады.

Ушырасыўда еки ел экономикасының бир-бирин толықтыратуғыны ҳәм саламат бәсекиниң жүзеге келиўинде жақын қоңсышылық ҳәм транспорт қатнасының арзанлығы үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў мақсетинде исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериў және еки ел аймағында исбилерменлер жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыўға келисип алынды.

Тәреплер март айында Душанбеде қол қойылған келисимлер ҳәм Президентимиздиң Тәжикстанға мәмлекетлик сапарының жуўмақлары бойынша қол қойылған шәртнамалардың орынланыўына да айрықша итибар қаратты.

Тәжикстан Республикасы Президенти Имамали Рахманның елимизге сапары алдында Ташкент қаласында «Тәжикстанда ислеп шығарылған» миллий өнимлер көргизбеси және Өзбекстан – Тәжикстан бизнес форумының өткерилиўи қоллап-қуўатланды. Социаллық-мәдений тараўлардағы бирге ислесиў әзелден дос ҳәм жақын қоңсы болған өзбек-тәжик халықларының дослығын буннан былай да беккемлеўге хызмет етип атырғаны атап өтилди. Еки тәреплеме байланысларды буннан былай да беккемлеў, әмелий ҳәм пайдалы нәтийжелиликти арттырыў ушын барлық илажлар көриледи.

Бас министрлер болажақ жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Тәжикстан ушырасыўы өз-ара бирге ислесиў қатнасықларын жаңа басқышқа көтериўдиң, еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың жаңа перспективаларын ашатуғынына исеним билдирди.

М.СУЛАЙМАНОВ,

ӨзАның хабаршысы