Усы жыл 19-30-май күнлери аралығында Венгрия мәмлекетиниң Секеш Фекервари ҳәм Будапешт қалаларында DSinGIS (Doctoral Studies in GeoInformation Sciences) жойбары шөлкемлестирилген болып, оған Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелеринен 17  ўәкил қатнасты.

Соның ишинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң илимий ислер бойынша проректоры М.Тагаев қатнасып қайтты.

Илаж Венгрия мәмлекетиниң Обуда университетинде өткерилип, онда DSinGIS жойбарының оқыў бағдарламасы, PhD докторантлары ушын таярланатуғын жаңа докторлық бағдарламаларды таярлаў, докторантларды аккредитациядан өткериў, тәжирийбе курслары, баҳалаў тәртиби, оқыў курсларын тәртипке салыў, электрон билимлендириў орайларын енгизиў сыяқлы мәселелерге арналған жойбар шеңбериндеги илимий конференциялар ҳәм семинарлар өткерилди.

Жойбардың тийкарғы мақсети-геоинформатика, геодезия ҳәм картография қәнигелиги бойынша докторантлар таярлаўдың сапасын арттырыўдан ибарат. Оған дүньяның Швеция, Германия, Австрия мәмлекетлериндеги жоқары билимлендириў  мәкемелеринен қәнигелер қатнасты. Онда әсиресе, Ташкент Ирригиция ҳәм аўыл хожалығын мехянизациялаў инженерлери институты ректоры, профессор У.Умурзақов сөзге шығып, бул жойбардың әҳмийети, келешектеги жойбарларға байланыслы жаңалықларды өз ўақтында жаңалап барыў керек екенлигин атап өтти ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жойбарына жуўапкер екенлиги, докторант ҳәм университет туўралы мағлыўмат берип өтти, -дейди   Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң илимий ислер бойынша проректоры М.Тагаев. Сондай-ақ, бул жойбарда тийкарынан  PhD докторантларының сапасы ҳәм усы мәселе бойынша сапалы билим бериў мақсетинде еки фазалы (1-фаза курсларды сапалы оқытыў, 2-фаза диплом жумысын таярлаў) оқытыў курслары зәрүр екенлиги атап өтилди. Және де, пилот курсларын ашыў мәселеси, магистрантларды online түрде оқытыў, өзлериниң портфолиосы болыўы ҳәм усы арқалы баҳалап барыў кереклиги атап өтилди.

Солай етип, жаңаша пикир алысыўлар болып, пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж қатнасыўшылары Венгрия мәмлекетиниң дыққатқа ылайықлы тарийхый орынлары менен танысты.

Жойбар қатнасыўшыларына  арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,                                        

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы