«Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарарға муўапық, аўыллық жерлерде (халықтың саны 5 мың адамнан көп болған посёлкалар буған кирмейди) шаштәрезхана, жеке тәртиптеги буйыртпалар бойынша кийим тигиў, аяқ-кийим оңлаў хызметлерин көрсетиў бойынша хызметлерди шөлкемлестирген, сондай-ақ, жәмийетлик моншаларды шөлкемлестирген жеке тәртиптеги исбилерменлер 2023-жылдың 1-июлына шекем барлық түрдеги салықларды төлеўден азат етилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.