7-14-июль күнлери аралығында Ташкент қаласындағы «Ўзбекистон» cпорт комплексинде аўыр атлетика бойынша жаслар арасында Жәҳән чемпионаты өткерилди.

Онда дүньяның 50 ге шамалас мәмлекетинен 350 ден аслам спортшы, тренер ҳәм қәнигелер қатнасып, бул халықаралық турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында республикамыздан қатнасқан 20 спортшы елимиздиң абырайын ҳәм ар-намысын қорғады.

17-июль күни пайтахтымыздағы Нөкис аэропортында усы спортшыларды салтанатлы жағдайда күтип алыў мәреcими болып өтти.

Чемпионатта бириншилерден болып ортаға шыққан Адҳамжан Эргашев (62 кг) үш бағдарда (силкип ҳәм дәс көтериў, улыўмалық нәтийже) қарсыласларына имканият қалдырмай, жәҳән чемпионы болды ҳәм ўатанласларымыздың жеңисли қәдемин баслап берди.

Ал, қызлар арасында өзин сынаған Кумушхан Файзуллаева (63 кг) еки бағдар бойынша алтын медальды жеңип алып, Өзбекстан аўыр атлетикасы тарийхында жәҳән чемпионатында алтын медальды қолға киргизген дәслепки ҳаял-қыз спортшыға айланды.

Сондай-ақ, бул чемпионатда  77 кг салмақтағы аўыр атлетлер менен беллесиўге түскен жерлесимиз Ғайрат Айтмуратов дәс көтериўде 146 киллограмлық тасты өзине бойсындырып, қола медалы менен сыйлықланды.

Ал, атлетши қызларымыз Базаргүл Рамбергенова менен Сайёра Есбергеновалар да күшли онлықтан орын алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы