«Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарарға муўапық, Бәнтликке көмеклесиў бойынша мәмлекетлик қорына 2018-жылы 150 миллиард сумм ажыратыў, 2019-жылдан баслап бюджет параметрлеринде 300 миллиард сумнан кем болмаған муғдарда қосымша қаржы ажыратыўды нәзерде тутыў белгиленди.

Бул қаржылардың кеминде 50 проценти «Микрокредитбанк» АКБ, «Агробанк» АКБ ҳәм «Халық банки» АКБда кредит линияларын ашыў ҳәм кейин ала усы банклер тәрепинен республиканың район және қалаларында жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын киши ҳәм мини-жойбарларды әмелге асырыў ушын микрокредитлер ажыратыў мақсетинде бағдарланады.

Микрокредитлер ең кем мийнет ҳақының 500 есесине шекем болған муғдарда 3 жыллық мүддетке, 6 айлық жеңилликли дәўир менен, Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасының 50 проценти муғдарындағы процентлик ставкасы, соның ишинде, коммерциялық банктиң ажырататуғын кредит ставкасының 50 проценти муғдарындағы маржа тийкарында бериледи.

Бунда микрокредитлер жумыссыз шахсларға, мийнет миграциясынан қайтып келген пуқараларға, өмиринде аўыр турмыслық жағдайға түскен ҳаял-қызларға, кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларына ҳәм халықтың басқа жәрдемге мүтәж болған қатламларына гиреў тәмийнатысыз ең кем мийнет ҳақының 100 есеси муғдарынан көп болмаған муғдарда ажыратылыўы мүмкин.

Биринши мәрте микрокредит алған жеке тәртиптеги исбилерменлер оны алған сәнеден баслап 6 ай даўамында қатаң белгиленген салық төлеўден азат етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.