11-июль күни Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Нызам тийкарында (ЎРҚ-459-санлы) алимент бағдарындағы нызамшылыққа өзгерислер киргизилген еди.

Бул өзгерислер 15-июльдан баслап күшке кирди.

 

Оған муўапық буннан былай:

 

– алимент төлемеў 15 суткалық ҳәкимшилик қамаққа алыўға себепши болады;

– алимент төлеўге мәжбүр болған шахслар еки ай (алдын үш ай еди) даўамында алимент төлеўден бас тартса жынайы жуўапкершиликке тартылады (3 жылға шекем еркинен айрылыўы мүмкин);

– ҳәр бир бала ушын алимент муғдары ең кем мийнет ҳақы муғдарының 75 процентинен (алдын үштен бир бөлеги еди) кем болмаған муғдарда (138 225 сум) белгиленеди;

– алиментти бала ержетемен дегенге шекем көшер ямаса көшпес мүлк яки басқа қымбат баҳалы предметлер бериў арқалы бир жола алдыннан төлеў мүмкин;

– алимент алдыннан төленген ямаса гиреў шәртнамасын дүзиў жағдайларында усы шахсқа республикадан шығыўға қойылған қадағалаў алып тасланады. Бунда гиреў баҳасы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ең кем мийнет ҳақының еки жүз елиў есесинен кем (46 млн 75 мың сум) болмаўы керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.