Пайтахтымыз Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубогы ушын жарыслар басланды.

Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде жарыстың ашылыў салтанаты болып өтти. Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына әўмет тиледи.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Миллий Олимпиада комитетиниң усы жыл 2-май күнги хатына муўапық, биринши мәртебе өткерилип атырған жарыстың мақсети, министрлик, кәрхана, мәкемелерде ислеўшилер арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларды денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў болып табылады. Жарыс қатнасыўшылары спорттың мини футбол, волейбол ҳәм стол тенниси түрлери бойынша өз-ара беллеседи.

Мини футбол бойынша биринши болып майданға «Қарақалпақавтотех» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы командалары түсти. Бул ойында «Қарақалпақавтотех» командасы 7:4 есабында жеңиске еристи.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде волейбол бойынша жарыслар болып өтпекте. Оған  8 команда қатнаспақта. Теннис бойынша өткерилип атырған жарыслар бәршеде айрықша қызығыўшылық оятпақта. Министрликлерден, кәрхана, мәкемелерден жәми 16 команда жеңимпазлақ ушын гүрес алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубогы жарысының жеңимпазлары 22-июль күни анықланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.