Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-июль күни Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша вице-президенти Сирил Мюллер басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманларды қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Жәҳән банки топары арасындағы бирге ислесиў қатнасықлары жедел раўажланып атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Быйылғы жылы усы абырайлы халықаралық қаржы институтының басшылары менен өткерилген бир қатар нәтийжели ушырасыўлар, соның ишинде, май айында банк президенти Жим Ёнг Ким менен Вашингтонда, январь айында бас басқарыўшы директор Кристалина Георгиева менен Ташкенттеги ушырасыўлар байланысларды жеделлестириў ҳәм өз-ара қатнасықлардың жаңа бағдарларын белгилеў, сондай-ақ, Өзбекстандағы социаллық-экономикалық реформаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған перспективалы жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўға хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.

Бүгинги күнде елимиздиң Жәҳән банки менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў портфелиниң улыўма нырқы 4,4 миллиард долларлық жеңилликли қаржыландырыў есабынан әмелге асырылған ҳәм асырылып атырған 39 жойбарды өз ишине алады.

Олар энергетика, транспорт ҳәм коммунал инфраструктураны модернизациялаў, алдынғы ҳәм энергетикалық жақтан нәтийжели технологияларды енгизиў, агросанаат комплексин жедел раўажландырыў, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системаларын жетилистириў сыяқлы көплеген тийкарғы тараўларды қамтып алады.

Ҳәзирги ўақытта 2020-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген Шериклик бағдарламасы шеңберинде 20 дан аслам жаңа жойбарлар да көрип шығылмақта.

Буннан тысқары банктиң жетекши экспертлери, Өзбекстан салық системасын реформалаў концепциясын ислеп шығыў процесинде белсене қатнасты. Биргеликтеги Экономикалық кеңести қәлиплестириў бойынша жумыс алып барылмақта.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Жәҳән банки арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды. Соның ишинде, «Жол картасы»н таярлаў, миллий кадрлардың қәнигелигин арттырыў тийкарында инвестициялық жойбарлардың сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.

Елимизде аўыл хожалығы, пуқаралық авиациясы ҳәм қайта тикленетуғын энергетика тараўларында, сондай-ақ, Орайлық Азия регионында салмақлы қоспа жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сирил Мюллер мәмлекетимиз басшысына қызғын қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, Жәҳән банки президенти Жим Ёнг Кимниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды ҳәм өзгерислерди қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, елимирздиң ҳәм пүткил регионның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде банк Өзбекстан менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екени және бир мәрте атап өтилди.

ӨзА