Scope қайырқомлық шөлкеми тәрепинен өткерилген изертлеўлерге муўапық, социаллық тармақлардан пайдаланыў адамларды бахытсыз ҳәм қызғаншақ етип қояды. Бул ҳаққында Sky News хабар бермекте, деп жазады Sof.uz сайты.

Сораўнама нәтийжелерине муўапық, социаллық тармақларда басқа пайдаланыўшылар менен сәўбетлескенлердиң дерлик үштен еки бөлими өзин бахытсыз ҳәм жалғыз деп сезеди. Сораўнамада қатнасқан 1500 пайдаланыўшының ярымы болса өзиниң дыққатты тартыў қәбилетине ийе емеслигине исеним пайда еткен.

Сондай-ақ, изертлеў қатнасыўшыларының көпшилиги социаллық тармақларға бағынышлы болып қалғанын тән алып, олардан азырақ пайдаланыўдан кеўли толатуғынлығын билдирген.

Пайдаланыўшылардың ярымы сәўбетлеси жиберген оғада жеке, сезимлерге толы хабарларды унатпайтуғынлығы анықланды.

– Адамлар көп ўақтын интернетке сарплайды. Бул болса көпшилик жағдайларда олардың ашыўшақ болып қалып, өзин жаман сезиниўге алып келеди. Адамлар «санлы нәшебентлик»тен дем алыўы керек, – дейди Scope ўәкили.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.