Быйылғы жылы 16-июнь күнинен баслап Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынлары – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы, Әл-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2018-2019-оқыў жылы ушын абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў процеси басланған еди. Кеше – 15-июль күни абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў процеси өз жуўмағына жетти.

Елимиздеги усы 6 жоқары оқыў орнына 2018-2019-оқыў жылы ушын неше абитуриент ҳүжжет тапсырды? Бул сораўға төмендеги силтемелер арқалы жуўап алыўыңыз мүмкин. Керекли жоқары оқыў орны атамасының үстине басың. Бул жерде сиз жоқары оқыў орынларының барлық қәнигеликлер кесиминде абитуриентлерден келип түскен арзалар саны ҳаққында зәрүрли мағлыўмат алыўыңыз мүмкин.

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты

 

Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы

 

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы

 

Әл-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы

 

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы

 

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.