Елликқала районында аўыр авариялық жағдай жүз берди.

11-июль күни Беруний районы Шаббаз АПЖда жасайтуғын 1997-жылы туўылған Ш.Б. басқарыўындағы Nexia маркалы автомашина Елликқала районында Бостан-Беруний-Шалыш-Ургенч жолының 3-километринде қарама-қарсы бағытта киятырған Беруний қаласы Саодат көшеси турғыны 1990-жылы туўылған О.С. басқарыўындағы Cobalt маркалы автомашина менен соқлығысыўы ақыбетинде, аўыр авариялық жағдай жүз берди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги  басқармасы хабар бермекте.

Нәтийжеде Nexia ҳәм Cobalt автомашиналары басқарыўшылары аўыр дене жарақатын алып ўақыя орнында, жолаўшылар И.З., М.М. ҳәм З.Ж.лар болса районлық орайласқан емлеўханада дүньядан өтти. Nexia автомашинасында болған және бир жолаўшы Н.В емлеўханаға жатқарылған.

 

Нурлыбек ЖАМАЛОВ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги