Елимиздеги барлық оқыў орынлары сыяқлы Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалыннда да 2018-2019-оқыў жылына абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл етиў шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

-Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 8-майдағы «Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2018-жыл 4-июньдағы  «2018-2019-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў ҳаққында»ғы қарарларына муўапық быйылғы оқыў жылы ушын филиалымызда 19 бакалавриат тәлим бағдары бойынша  74 мәмлекетлик грант ҳәм 226 төлемли контракт бойынша жәми 300 студент қабыллаў режеси белгиленген,-дейди қабыллаў комиссиясының хаткери Бекбай Қалимбетов.-Сондай-ақ 7 магистратура қәнигелиги бойынша барлығы мәмлекетлик грант тийкарында 19 орын берилген.

 

 

Быйылғы оқыў жылы ушын ажыратылған бакалавриат тәлим бағдарының төртеўи жаңа бағдар болса, 10 тәлим бағдарының атамасына өзгерис киргизилген ҳәм  5 тәлим бағдары бурынғы атамасында қалдырылған. Магистратура бойынша барлығы жаңадан киргизилген қәнигеликлер болып табылады. Айрықша атап өтетуғын жаңалықларымыздан бири, бул быйылғы оқыў жылынан баслап агрономия (дийқаншылық өнимлери түрлери бойынша), дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы, зооинженерия (балықшылық),  тоғайшылық тәлим бағдарлары бойынша қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде сыртқы бөлим ашылды. Оларға төлемли контракт бойынша жәми 100 студент қабыллаў режелестирилген.

Абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл етиў, мәмлекетлик тест сынақларына таярлық көриў ҳәм қабыллаўды жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде ҳәр бир қәнигелик бойынша кафедралардың жетекши профессор-оқытыўшыларынан ибарат жумысшы топарлар дүзилди. Қабыллаў комиссиясының қурамына Өзбекстан жаслар аўқамының филиалымыздағы басланғыш шөлкеминиң 10 белсенди ағзасы киргизилди.

 

 

Абитуриентлер, олардың ата-аналарына ҳәм жақынларына ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратып бериў мақсетинде Мәлимлеме-мәсләҳәт бөлмеси шөлкемлестирилди. Бул жерде факультетлер, бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң мазмунын ашып беретуғын баннерлар, видеороликлер, буклетлер таярланып, олар үлкен экранлы телевизорлар арқалы  ҳәр күни жумыс ўақты даўамында үзликсиз көрсетилип барылмақта. Буннан тысқары,  орай қабыллаўға байланыслы нормативлик ҳүжжетлер, статистикалық мағлыўматлар, пәнлер бойынша бағдарламалар, мәсләҳәт кестелери, хабарландырыўлар ҳәм басқа да зәрүр мағлыўматлар менен тәмийинленген. Сондай-ақ, күтиў, дем алыў, аўқатланыў орынлары шөлкемлестирилген. Ҳүжжет тапсырыўшылардың гезек күтип қалмаўы ушын тәлим бағдарларының қабыллаў квоталарына муўапық рәўиште абитуриентлердиң ҳүжжетлерин дизимге алыў китапларының саны көбейтилди.

Комиссия ағзаларының атап өткениндей, 2018-2019-оқыў жылына қабыллаў ҳаққында мағлыўматлар, оған киргизилген өзгерислер, мақсетли ҳәм қосымша қабыллаў, шет ел пуқаралары ҳәм әскерий бөлим басшыларының усынысына ийе жасларға берилетуғын жеңилликлер бойынша түсиник бериў ушын ҳәр бир қәнигелик бойынша профессор-оқытыўшылар жуўапкер етип бириктирилген. Филиал аймағында, соның ишинде қабыллаў комиссиясы жумыс алып барып атырған орынларда нәўбетгшиликлер шөлкемлестирилип, ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери менен биргеликте илажлар ислеп шығылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.