Усы жыл 16-22-июль күнлери аралығында пайтахтымызда республикамыздағы министрликлер ҳәм мәкемелер хызметкерлери арасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубоги ушын дәстүрий спорт жарыслары өткериледи.

Кубок ойыны спорттың киши футбол, стол тенниси ҳәм волейбол түрлери бойынша өткерилип, оған 100 ге шамалас командалар қатнасып, өз-ара күш сынасады.

Спорт жарысларын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткериў режелестирилмекте.

Спорт жарысларының барысы ҳаққында ҳәр тәреплеме ҳәм толық мағлыўмат берип барамыз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы