Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы тәрепинен басқарманың Нөкис қалалық, барлық районлық бөлими, бөлимшеси ҳәм топарлары хызметкерлерине оқыў-семинар өткерилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етилген қарарларға тийкарланып, Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бойынша киргизилген өзгерислер менен жаңалықлар туўралы ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

 

 

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 30-июнь күнги 494-санлы қарары талапларынан келип шығып биометрикалық болмаған ески үлгидеги паспорт пенен жүрген пуқараларды тез күнлер ишинде биометрикалық паспорт пенен тәмийинлеў бойынша жол-жобалар көрсетилди.

 

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 29-май күнги 398-санлы Қарары бойынша киргизилген өзгерислер, яғный ҒМДАға ағза мәмлекетлер пуқаралары, ҒМДА ға ағза еллерден бурынғы СССРдың пуқаралық паспорты менен келген шахслар ҳәм кириў визасы менен елимизге келген сырт ел пуқаралары менен пуқаралығы болмаған шахслар бир ай мүддетке шекем бийпул ўақытша есапқа қойылатуғыны, усы Қарар бойынша киргизилген басқа да өзгерислер таныстырылды.

Илажда усы Қарарлардың орынланыўы бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги