Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының директоры Мажит Каримов «Gazeta.uz»ға берген интервьюсында жоқары оқыў орынларына қабыллаў ушын өткерилетуғын тест сынақларының ҳәр бир пән блогындағы тест сораўлары не себептен 36 дан 30 ға кемейтилгенине түсиник берди.

– Быйылғы жылы 36 емес, 30 сораў бериледи. Сораўларға жуўап бериў ўақты болса тест формаларын толтырыўды да есапқа алған ҳалда өзгериссиз, яғный 3 саат болып қалдырылды. Экспертлеримиздиң анықлаўынша, тест сораўлары саны 25 тен 40 қа шекем болғанда сапалы болыўын анықланды. 36 сораў орташа көрсеткиштен бираз көп. Халықаралық экспертлер менен мәсләҳәтлесип, сораўлардың санын 30 етип белгиледик, – деп айтып өткен Мажит Каримов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.