7-июль күни Ташкент қаласындағы «Ўзбекистон» cпорт комплексинде аўыр атлетика бойынша жаслар арасында басланған Жәҳән чемпионаты қызғын даўам етпекте.

Онда дүньяның 50 ге шамалас мәмлекетинен 350 ден аслам спортшы, тренер ҳәм қәнигелер қатнасып атырған усы халықаралық турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында 20 спортшы елимиздиң абыройын, ар-намысын қорғамақта.

Чемпионатта бириншилерден болып ортаға шыққан Адҳамжан Эргашев (62 кг) үш жөнелисте (силкип ҳәм дәс көтериў, улыўмалық нәтийже) де қарсыласларына имкәният қалдырмай, жәҳән чемпионы болды ҳәм ўатанласларымыздың жеңисли қатнасын баслап берди.

Ал, қызлар арасында өзин сынаған Кумушхан Файзуллаева (63 кг) екигүрес түри бойынша алтын медальды жеңип алды ҳәм Өзбекстан аўыр атлетикасы тарийхында жәҳән чемпионатында алтын медальды қолға киргизген дәслепки ҳаял спортшыға айланды.

Қуўанышлысы, жәҳән чемпионатында қарақалпақстанлы аўыр атлетшилер де ылайықлы қатнасты. Атап айтар болсақ, 77 кг салмақтағы аўыр атлетлер менен беллесиўге түскен Ғайрат Айтмуратов дәс көтериўде 146 киллограмлық тасты өзине бойсындырып, cыйлы 3-орынды жеңип алды ҳәм қола медалы менен сыйлықланды.

 

 

Сондай-ақ, атлетши қызларымыз Базаргүл Рамбергенова менен Сайёра Есбергеновалар да күшли онлықтан орын алды.

Спортшымызды жарысқа тәжирийбели тренерлерден: Анвар Пердебаев, Атажан Матякупов ҳәм Әдил Айтмуратовлар таярлады.

Жәҳән чемпионаты 14-июль күни өз жуўмағына жетеди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы