Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының директоры Мажит Каримов «Gazeta.uz»ға интервью берди, деп жазады Daryo.uz сайты.

Мажит Каримовтың айтыўына қарағанда, быйылғы жылы Өзбекстанда тест сынақлары өткерилип атырған ўақытта мобиль байланыс хызметлери тоқтатылмайды. Буған ҳеш қандай талап жоқ, деп айтып өткен Мәмлекетлик тест орайы директоры.

Өткен жыллары тест сынақлары өткерилетуғын күни – 1-августта барлық мобиль байланыс компаниялары SMS ҳәм интернет хызметлерин ўақытша тоқтатып қоятуғын еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги