Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларында 2018-2019-оқыў жылынан баслап сыртқы билимлендириў формасында бакалаврлар таярлаў бойынша қабыллаў квоталары тастыйықланды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2018-2019-оқыў жылы ушын сыртқы бөлимге жәми 275 студент – соннан 140 студент қарақалпақ тили топары, 135 студент өзбек тили топарларына төлемли контракт тийкарында қабыл етиледи.

Хош, педагогикалық институттың сыртқы бөлимине қайсы қәнигеликлер бойынша студентлер қабылланады.

 

Қәнигелик коды ҳәм атамасы Жәми қабылланатуғын студентлер саны Қарақалпақ топары Өзбек топары

1

5110600 – Тарийх оқытыў методикасы

25

15

10

2

5110900 – Педагогика ҳәм психология

25

15

10

3

5111100 – Музыкалық тәлим

25

15

10

4

5111200 – Өзбек тили ҳәм әдебияты

25

 

25

5

5111302 – Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты

25

15

10

6

5111700 – Баслаўыш билимлендириў ҳәм спорт-тәрбиялық жумыс

50

25

25

7

5111800 – Мектепке шекемги билимлендириў

50

25

25

8

5112000 – Дене мәденияты

25

15

10

9

5112100 – Мийнет тәлими

25

15

10

Жәми:

275

140

135

 

Еслетип өтемиз, НМПИда өткен жылдан берли жумыс алып барып атырған арнаўлы сыртқы бөлим менен усы сыртқы бөлим айрықша есапланады. Жоқары оқыў орынларының сыртқы бөлимине тек ғана төлемли контракт тийкарында студентлер қабылланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.