Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы  муўапықластырыўшы кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти. Оған бюроның районлық, қалалық бөлимлериниң хызметкерлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Азамат Юлдашев шығып сөйлеп елимизде қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың, әмелдеги нормативлик ҳүжжетлердиң ҳәм басқа да тапсырмалар менен көрсетпелердиң орынланыўы бойынша усы жылдың 6 айында әмелге асырылған жумысларға кеңнен тоқтап өтти.

Соның ишинде, энергия ресурсларынан усы жылдың 1-ярымында 290.4 миллиард сум, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардағы ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеўде 426,3 миллиард сум, жәми болып 716,8 миллиард сум өндириўге ерисилгени атап өтилди.   

Буннан тысқары, усындай нәтийжели көрсеткишлерге қарамастан, бюро тәрепинен исленген жумыслар ҳәр тәреплеме талланып, ушырасып атырған кемшиликлер сынға алынып, олардың шешимин табыў мәселелери додаланды.

 Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги