Республикамызда тәбийғый өсетуғын боян өсимлигиниң тамыры дәрилик қәсийетке ийе екенлиги, шет еллердеги фармацевтикалық кәрханаларда оған болған талаптың күшли екенлиги бизге жақсы мәлим. Елимизде бирнеше жыллардан берли боян тамыры шийки зат түринде жетистирилип, сырт еллерге экспортқа жөнетилмекте.

Боян өсимлиги республикамызда жабайы түрде өсетуғын болса да, ол таўсылмайтуғын нәрсе емес, әлбетте. Енди тек боян тамырын қазып алыў ҳәм сатыў емес, оны жетистириў ҳәм қайта ислеўге де үлкен дыққат қаратылмақта. Қанлыкөл, Қараөзек, Тахтакөпир районларында шарўашылыққа, жоңышқа жетистириўге, әсиресе, боян жетистириў тараўына үлкен дыққат қаратылып,  бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиз усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында усы мәселеге де дыққат қаратып өтип, тараўды раўажландырыў бойынша бир қанша усыныслар берген еди.

Солар қатарында Республика Бас министриниң орынбасарына, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, «Өзфармсанаат» компаниясы менен бирликте усы жылдың 20-февралына шекем Қарақалпақстан Республикасында шет елли қәнигелерди тартқан ҳалда боян өсимлигин жетистириў плантацияларын шөлкемлестириў ҳәм қайта ислеўди жетилистириў бойынша комплексли илажларлар ислеп шығыў, соннан Шоманай районында 2017-2021-жылларда жәми 1000 гектар майданға боян плантацияларын шөлкемлестириў тапсырылған еди.

Бул бойынша тийисли жумыслар шөлкемлестирилип, 2017-2018-2019-2020-2021-жылларда жылына 200 гектардан боян өсимлигин егиў белгилеп алынды. Усы илажлар нәтийжели түрде әмелге асса, 2021-2025-жылларда ол жерлерден жәми 7800 тонна боян тамырын алыў көзде тутылмақта.

Ҳәзирги ўақытта усы плантацияларды шөлкемлестириў ушын «Шоманай агро бизнес» кәрханасына 293 гектар, «Нурбатыр батыр» ЖШЖне 172,1 гектар жер майданлары ажыратып берилди. Усы күнге шекем «Шоманай агро бизнес» кәрханасы тәрепинен 74 гектар майданда плантациялар шөлкемлестирилди.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.