Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдеги «Жаслар – келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманында белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде шөлкемлестирилген жумысшы топар ағзалары республикамыздың қубла районларында да болып жаслар менен ушырасты.

11-июль күни олар Төрткүл районында да болып, жаслар менен ушырасты.

Жумысшы топар ағзалары район мәҳәллелериндеги 1080 хожалыққа бирме-бир кирип шығып, 515 пуқараның машқаласы, пикир-усыныслары есапқа алынды. Атап айтқанда, бәнтлик бойынша 125, исбилерменлик бойынша 80, банк кредити мәселелери бойынша 174, фермерлик мәселелери бойынша 15, қурылыс тараўы бойынша 11, социаллық қорғаў мәселесинде 20, денсаўлықты сақлаў тараўы бойынша 11, турақ жай мәселесинде 19 ҳәм басқа да машқалалар ҳәм мәселелер тыңланды.

Анықланған машқала ҳәм мәселелердиң 58 и өз орнында шешимин таўып, басқалары «Жол картасы»на киргизилип, оларды шешиў бойынша тийисли илажлар белгилеп алынды.

Усы күни жумысшы топар ағзалары Беруний районының «Миробод» мәҳәллесинде болып, пуқаралар менен үйме-үй кирип сәўбетлесип, жаслар менен ушырасты.

Мәҳәлледеги 109 хожалықтың 72 синен бәнтлик, банк кредити, турақ жай мәселелери бойынша 101 пикир-усыныслар билдирилип, анықланған машқалалар, билдирилген пикир-усыныслар «Жол картасы»на киргизилди ҳәм оларды шешиў ушын жумыслар баслап жиберилди.

Жумысшы топар ағзаларының жаслар менен ушырасыўы усы күни Елликқала районында да болып өтти. Олар район жаслары, мәҳәллелердеги пуқаралар менен үйме-үй кирип ушырасып, олардың машқалаларын, пикир-усынысларын тыңлады. Нәтийжеде бәнтлик, исбилерменлик, банк кредити ҳәм басқа да мәселелер бойынша жәми 14 машқала анықланды.

Анықланған машқалалардың бесеўи өз орнында шешимин тапты. Соннан, 4 пуқараның бәнтлик мәселеси шешилип, 1 пуқараның исбилерменлик бойынша усыныслары унамлы шешилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.