Өткен пийшемби күни Нөкис темир жол вокзалында түрли таңлаўлар ҳәм спорт жарысларының қалалық, районлық ҳәм республикалық басқышларында жоқары орынларды ийелеген  қәбилетли оқыўшыларды Жиззақ ўәлаяты, Замин районындағы «Энерджи» балалар дем алыў орайына узатып салыў мәресими  болды.

Илажда Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы  У. Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов шығып сөйлеп, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў системасында да жас әўладқа дүнья талапларына муўапық билим бериўге бағдарланған избе-из реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Соның ишинде,  айрықша минез-қулқы, таланты, зейинлилиги, инталылығы менен көзге түскен, оқыўда,  көркем өнер, спорт тараўларында жоқары нәтийжелерге ерискен оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўине айрықша итибар қаратылмақта. итибар қаратылмақта.  Мине бүгин усындай 50 оқыўшы, сондай-ақ кем тәмийинленген шаңарақлардан  30 оқыўшы Жиззақ ўәлаятындағы «Энерджи» балалар дем алыў орайына жоллама менен тәмийинленди.

Өз гезегинде, оқыўшылар ҳәм олардың устазлары, ата-аналар қәбилетли балаларға көрсетилип атырған бундай ғамқорлығы ушын ҳүрметли Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.