Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери әскерий ансамблиниң концерти болып өтти.

Өзбекстан ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллығына бағышланып «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында өткерилген илаждың тийкарғы мақсети,   ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисин, ҳәр биримиз ушын бийбаҳа жемис болған ғәрезсизликтиң қәдир-қымбатын, бүгинги еркин ҳәм абадан турмысымызды қәдирине жетиў кереклигин халқымыздың, соның ишинде, жасларымыздың санасына жеткериўди үгит-нәсиятлаў болып табылады. Президентимиздиң усы жыл 28-июнь күнги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында барлық тараўлар сыяқлы Қорғаныў министрлигине қараслы әскерий округлер менен бөлимлер тәрепинен илажлар ислеп шығылды.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери әскерий ансамблиниң ағзалары бир неше күн даўамында  республикамызда болып, шегара районларында жайласқан әскерий бөлимлерде Ўатан алдындағы әдиўли миннетин атқарып атырған әскерий хызметкерлердиң, олардың шаңарақ ағзаларының, тараў ветеранларының, сол аймақта жасаўшы халықтың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларда Ўатанды сүйиўшилик сезимлерин арттырыў, әскерий хызметке болған қызығыўшылығын арттырыўды өз алдыларына мақсет етип алған.

Республикамыздағы бирден-бир жоқары оқыў орнында болып өткен концерт бағдарламасы қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды. Ансамбль ағзаларынан Шавкат Эргашов, Юлдуз Низомова, Хусниддин Халимқуловтың атқарыўындағы Ўатанға садықлық, халықлар дослығы, мәртлик ҳаққындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен күтип алынды.

Усы мазмундағы концерт бағдарламасы Шоманай ҳәм Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынында да болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери