Жақында Нөкис қалалық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине пайтахтымыздағы Ж.Сейтжанова көшесинде жасайтуғын Ж.Хожаметовтан, үйине 3 миллион сумға Султан исмли уста тәрепинен «Натяжной потолок» қурылғанлығы, бирақ бул жумыс сапасыз орынланғаны туўралы мүрәжат келип түседи.

Мүрәжат жәмийет қәнигелери тәрепинен үйренилип шығылып, унамлы шешимин тапты, яғный, сапасыз исленген жумыс мәжбүрий түрде қайта ислетилип берилди.

  • Бундай мүрәжатлар жәмийетимизге көплеп келип түспекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының сектор баслығы Дилшода Дәўлетбаева.
  • Мәселен, жақында суў насосы бойынша мүрәжат көрип шығылды. Онда, Нөкис қаласы, Ақтуба көшеси, 26-жайда жасайтуғын А.Байлепесова «Сантехника» дүканларының биринен 450 мың сумға суў насосын сатып алғанлығын, бирақ насостың жақсы ислемейтуғынлығынан наразы болып мүрәжат етеди. Мүрәжат Нөкис қалалық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен үйренип шығылып, бир күнниң ишинде ислемейтуғын насос жаңасына алмастырылып берилди.

Сондай-ақ, Қоңырат районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине райондағы Реджепов көшесинде жасайтуғын пуқара Л.Аралбаевадан арза түседи. Арзада көрсетилиўинше Л.Аралбаева райондағы таныс дүкан ийесинен 350 мың сумға велосипед сатып алыўға аўыз-еки келиседи. Пуқара дәслеп 50 мың сум ақшаны нақлай түрде төлеп кетеди. Қалған 300 мың сумын пластикке ақша түскеннен соң аларсаң, деп пластикалық карточкасын дүканшыға берип кетеди. Бирақ, айлық мийнет ҳақысы түскеннен кейин пластикалық карточкасынан 40 мың сум ақша зыят алынғаны анықланады. Ол усы зыят алынған ақшаны қайтарып бериўин талап еткенинде, сатыўшы келисим бермейди. Жәмийет қәнигелери тәрепинен бул мәселени үйрениў жумыслары алып барылып, шынында да тутыныўшының пластикалық карточкасынан 40 мың сум ақша зыят алынғаны анықланады. Солай етип, пуқараның бул ақшалары қайтарып алып берилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.