Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларында 2018-2019-оқыў жылынан баслап сыртқы билимлендириў формасында бакалаврлар таярлаў бойынша қабыллаў квоталары тастыйықланғаны ҳаққында хабар берген едик.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине 2018-2019-оқыў жылы ушын сыртқы бөлимге жәми 400 студент – соннан 210 студент қарақалпақ тили топары, 190 студент өзбек тили топарларына төлемли контракт тийкарында қабыл етиледи.

Хош, университет сыртқы бөлимине қайсы қәнигеликлер бойынша студентлер қабылланады.

 

Қәнигелик коды ҳәм атамасы Жәми қабылланатуғын студентлер саны Қарақалпақ топары Өзбек топары
1 5112000 – Дене мәденияты

25

15 10
2 5120101 – Филология ҳәм тиллерди оқытыў: өзбек тили

50

 

50

3 5120103 – Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили

50

50

 
4 5120300 – Тарийх (мәмлекетлер ҳәм аймақлар бойынша)

25

15

10

5 5140100 – Биология (түрлер бойынша)

50

25

25

6 5220100 – Журналистика (хызмет түрлери бойынша)

25

15

10

7 5230100 – Экономика (тармақлар бойынша)

50

25

25

8 5230900 – Бухгалтерия есабы ҳәм аудит (тармақлар бойынша)

50

25

25

9 5311500 – Геодезия, картография ҳәм кадастр (функциялар бойынша)

50

25

25

10 5630100 – Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў (тармақлар бойынша)

25

15

10

Жәми:

400 210

190

 

Еслетип өтемиз, жоқары оқыў орынларының сыртқы бөлимине тек ғана төлемли контракт тийкарында студентлер қабылланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.