2018-2019-жыллары Қарақалпақстан Республикасында санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў жойбарларының мәнзилли дизимин тастыйықлаў ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарар халықтың дәраматлары ҳәм турмыс дәрежесин избе-из жақсылаў мақсетинде қабыл етилген.

Қарарға муўапық, 2018-2019-жыллары Қарақалпақстан Республикасында экономикалық тараўлар бойынша улыўмалық баҳасы 4 478 304 миллион сумлық 303 жойбар әмелге асырылады.

Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 6 736 жаңа жумыс орны жаратылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.