Қарақалпақ халқында «Еки дос» деген ертек бар. Бул ертектеги ўақыялар төменде сөз етпекши болған тема менен бираз уқсаслыққа ийе болғанлығы ушын ондағы ўақыяларды қысқаша келтирип өтпекшимен. Басладым.

Бурынғы өткен заманда Есжан ҳәм Досжан деген еки дос болған екен. Олар қыяметлик дос тутынып, бар тапқанын ортаға салып, теңдей бөлисип жейтуғын екен. Бир күнлери Есжан қаўын сатып алыпты. Достысы менен бирге жеў ушын оны күтипти. Досжан келе бермегеннен соң қаўынды қақ ортасынан екиге бөлип, жартысын жепти, қалғанын достына алып қойып, өзи уйқыға кетипти. Бираздан соң Досжан келип, досты Есжанның уйқылап атырғанын, қасында ярым қаўынның турғанын көрипти. Есжан қаўынды маған алып қойған екен, ҳәз етип жеп алайын, деп қаўынға жақынлаған екен, оның бетине қонып турған мыңлаған қара шыбынды көрип ғәзепленипти. Сол ашыў менен қаўынға қонып турған шыбынларға шаппат берипти. Сонда қара шыбынлардың барлығы өлип қалыпты. Досжан шыбынларды еринбей санап шығыпты – еки мыңнан аслам екен. Сонда бираз шайырлық йошы бар Досжан «қылышын бир сермегенде еки мың ләшкерди қыйрататуғын батырлығы» ҳаққында қосық тоқыпты. Арадан бираз ўақыт өтип бул қосық халық арасына, соңынан қоңсылас халықларға да тарқалыпты. Күн изинен күнлер өтип олардың елине жаў бастырып келипти. Сонда халық не ислерин билмей албырасып атырғанда ишинен биреўи шығып аты аңызға айланған «қылышын бир сермегенде еки мың ләшкерди қыйрататуғын Досжан батыр»ды жаўға қарсы жибериўди айтыпты. Бул халыққа мақул түсип, Досжанның алдына барып, оннан халықты қорғаўды сорапты. Өзи тоқыған «мәртлиги»ниң қурбаны болыўын билсе де, Досжан халықтың тилегине қарсы бара алмапты. Жаўға қарсы саўытлардың ең аўырын, қылышлардың ең өткирин, атлардың ең асаўын сайлап, оның үстине миндириўин ҳәм душпанға қарай жибериўин сорапты. Халық оның тилегин бәржай келтирип, оны душпанға қарай жиберипти. Душпан ләшкерлери де бул халықтың арасында «қылышын бир сермегенде еки мың ләшкерди қыйрататуғын батыры» бар екенлигин әллеқашан билген болса да, өз қорқыўларын ишине жутып келип турған екен. Сонда бирден Досжан узақтан көринипти. Ол аттың үстинде биринши мәрте отырып атырғанынан, оның үстине саўытлардың ең аўырын, қылышлардың ең өткирин, атлардың ең асаўын сайлағанлықтан өзин тик услай алмай биресе шепке қыйсайып, биресе оңға қыйсайып киятырғанын көрсе де душпан ләшкерлери ҳәм әскербасылары бул батыр бизди сынап көрмекши, өзин усылай күшсиз етип көрсетип, бизди урысқа шақырмақшы, егер биз урысқа кирсек, бәримизди шетимизден қырып таслайды, деп қорқып келген жағына қарай қашыпты. Досжан болса өзиниң «батырлығын» дәлиллепти.

Қулласы, ертектиң қысқаша мазмуны усындай.

Биз бул материал арқалы бүгинги дүнья мәмлекетлериниң бас аўырыўы, баслы машқаласына айланған терроризм ҳәм экстремизм, оның тәрептарларының тийкарғы мақсети ҳаққында сөз етпекшимиз. Буған жоқарыдағы ертектеги ўақыялардың не байланысы бар екен, деп ойлап отырған шығарсыз? Буған төменде жуўап табасыз.

Егер аңлаған болсаңыз жоқарыдағы ертек қаҳарманы Досжан ҳеш қандай батыр, мәрт болмаса да өзиниң «қаҳарманлығы» ҳаққында қосық дөретип, халық арасында өзиниң батырлық имиджин жаратты. Бул информацияның қүдиретли қурал екенлигин және бир мәрте тастыйықлап тур. Информацияның усындай қүдиретинен бүгинги цивилизациялық жәмийеттиң баслы душпанлары болған террористлер, экстремистлер оғада усталық, шеберлик пенен пайдаланып атыр. Олар бүгин тек ғана қолларына қырыўшы қуралларды алып, дус келгенди атып, қәлеген жерин жарып, өртеп жиберетуғын ақмақлар емес. Олар қурал менен ала алмайтуғын инсан психологиясын, инсанның санасын өзлериниң зыянлы информациялары менен бойсындырып, өзиниң қатарласларының артыўына ерисип атырғанлығы ашшы ҳақыйқатлық.

Террористлер ҳәм экстремистлер дүнья жүзилик тармақ есапланған Интернетте өзлериниң аяўсыз ҳәрекетлери – инсан қолы менен жаратылған абат орынларды бүлгиншиликке ушыратыўы, адамларды өлтириў, зорлаў, қыйнаў сыяқлы ҳәрекетлер сәўлеленген материалларды тарқатып, пүткил дүньяға жар салмақта. Оларды қайта-қайта тамашалаған инсанларда психологиялық стресс, қорқыныш сыяқлы сезимлер жүзеге келеди. Илимий тил менен айтқанда, бундай инсанның санасы нейролингвистикалық түрде программаласып қалады. Бул инсанның санасының толық жаўлап алыныўы деп баҳаланады.

Биз көбинесе терроризм ҳәм диний экстремизмниң унамсыз ақыбетлерине арнап таярланған көрсетиўлерди тамашалар екенбиз, ондағы бузғыншы ҳәрекетлерде кишкене балалардың да қатнасып атырғаны, полигонларда балалар армияларының дүзилип атырғаны, халықтың қырып жиберилип атырғаны, жарылыўлар – қулласы, террористлер тәрепинен қандай бүлгиншиликлер исленген болса солардан айырым үзиндилердиң берилип атырғанын көремиз. Дурыс, бул көринислер терроризмниң ҳәм экстремизмниң унамсыз ақыбетлерин көрсетиў ушын сол көрсетиўлерге қосылар. Деген менен, оның пайдасынан кери тәсири оғада көп болады.

Усы жерде бундай көринислерди кимлер таярлап, тарқатады? деген сораўға жуўап таўып алайық. Сырт еллердиң жанкүйер, пидайы, қайтпас журналист, репортёрлары деп ойлаўыңыз мүмкин. Бирақ, барлығы да олай емес. Бундай видео, аудио ямаса сүўретли материаллар терроризмди үгит-нәсиятлап атырған қара күшлер тәрепинен таярланады ҳәм тарқатылады. Олардың баслы мақсети болса – дүнья жүзине өзин қүдиретли етип көрсетиў, олар арасында қорқыныш пайда етиў. Информация арқалы сананы ийелеў, инсанды басқарыў имканиятын береди. Дүнья халықлары, барлық адамлар қорықты ма, болды – олар мақсетине жеткени. Мәселениң жоқарыдағы ертек пенен байланыслы тәрепи де усында.

Сонда бизлер террористлердиң адамгершиликке жат ҳәрекетлерин сәўлелендирип, оларға жәрдем берип атырғанымыз жоқ па? Әлбетте, жәрдем берип атырмыз. Усындай ҳәрекетлер дүнья ғалаба хабар қуралларында қаншелли көп сәўлелендирилсе, олар сонша көп утады. Биз болса өзимиз билмеген ҳалда оларды қоллап-қуўатлап атырған боламыз. Террористлер қайсыдур мәмлекетке ямаса қалаға бастырып кирсе, алдын биз сыяқлы журналистлер таярлаған көрсетиўлер ямаса фильмлерде көрсетилген бузғыншы ҳәрекетлерди көрип, санасы қорқып қалған халық өзи туўылып өскен мәканын таслап кетип, қос қоллап тапсырып жибермейтуғынлығына ким кепиллик береди? Ҳеш ким.

Усы жерде өз пикирлеримди жуўмақламақшыман. Алдын да усы темаға бираз уқсас болған «Тоқтатаман деп үйретип атырғанымыз жоқ па?» деген атамадағы материал таярлаған едим. Онда нәшебентлердиң сол зәҳәрди қалай пайдаланып атырғанын жәриялап көрсетиў тек ғана үгит-нәсияттан басқа ҳеш нәрсе емес, деген мазмундағы жуўмақ шығарған екенмен. Усы жуўмақты терроризмге де тийисли деп есаплайман. Террорлық ҳәрекетлерди қашанға шекем сәўлелендире берер екенбиз, өз санамызды өзимиз зәҳәрлеп, өз тамырымызға балта урып атырған боламыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.