Усы жыл 11-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Инвестиция бағдарламасына кирген объектлерде қурылыс, реконструкция ҳәм капитал оңлаў жумысларының барысы, 4 сектор басшылары тәрепинен сырт ел инвестицияларын тартыўға қаратылған илажлардың социаллық-экономикалық раўажландырыўға кирген жойбарлардың әмелге асырылыўы ҳаққындағы мәселелерге бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажға ҳүкимет ағзалары, қала ҳәм районлардың 4 сектор басшылары, тийисли министрликлер, кәрхана, мәкемелердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға болған айрықша ғамқорлығы ҳәм итибарының нәтийжесинде соңғы жыллары республикамызда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, «Тебин булақ» руда кәнинде металл ислеп шығарыў комбинатын иске түсириў мақсетинде геологиялық қыдырыў жумыслары, «Тақыятас  Ыссылық электр станциясы»нда Кореяның «Хундай» компаниясы тәрепинен улыўма баҳасы 257,6  миллиард сумлық модернизация жумыслары, Төрткүл районында 3,5 миллиард метр куб суўды сақлаўға мөлшерленген «Шорбулақ» суў сақлағышының қурылысы, Мойнақ районындағы «Междуречье» көлинде сооружение қурылысы, қубла районлардың халқын суў ресурслары менен тәмийинлеў, жерлердиң мелиоративлик аўҳалын жақсылаў мақсетинде «Бостан» каналында 250  миллион долларлық көлемдеги жумыслар тезлетилген пәт пенен алып барылмақта.

Соның менен бирге, Инвестиция бағдарламасы тийкарында жәми 329 социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс, реконструкция ҳәм капитал оңлаў жумыслары, Аралбойы регионын раўажландырыў қорының есабынан 224 объектте қурылыс және реконструкция жумыслары жүргизилмекте.  Усының есабынан, 179 балалар майданшасының қурылысы,  477 көп қабатлы турақ жайларда оңлаў, жаңадан 39 дана дренаж қурылысы ҳәм 54 объектте 140 километр узынлықтағы суў  тармақлары пайдаланыўға тапсырылған болса, 22 улыўма билим бериў мектебинде, 24 емлеў мәкемесинде, 51 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде, Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында  32 орында 220 миллиард сумға жақын қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Соны да айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң республикамызға сапары даўамында 2018-2019-жыллар аралығында улыўма баҳасы 4 триллион сумлық 313 ири жойбарды әмелге асырыў белгиленген болса, соннан быйылғы жылы 243 жойбарды әмелге асырыў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, жылына 400 мың тонна өним ислеп шығаратуғын 2 цемент заводын, 4 районда 792 миллиард сумлық  6 ири тоқымашылық кәрханасын, «Кегейли қағаз» кәрханасын, қытайлы инвесторлар менен Кегейли районында боян тамырды қайта ислейтуғын ҳәм спирт заводларын, Беруний районында Қубла Корея инвесторлары менен биргеликте цемент заводын иске түсириў режелестирилмекте.

Усындай кең көлемдеги илажлар менен биргеликте, орын алып атырған айырым кемшиликлер сынға алынды. Атап айтқанда, бүгинги күнге  жәми 521 кәрхана ҳәрекетсиз турмақта. Президентимиз тәрепинен 4 сектор басшыларының ҳәр бирине 250 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў ўазыйпасы белгиленген болса, бул көрсеткиш Нөкис, Хожели, Шымбай, Қанлыкөл районларында төмен болып қалмақта. Қабыл етилген бағдарлама шеңберинде 2018-2019-жылларда әмелге асырылатуғын 105 жойбарға, соның ишинде Нөкис қаласында 25, Қоңырат районында 17, Төрткүл районында 9, Шымбай районында 8, Нөкис районында 6 жойбарға   банклер тәрепинен қаржыландырыў ашылмаған. Соның менен бирге, айырым районлардағы жаңадан қурылып аырған турақ жай ийелеринен төлемлерди жәмлеў, үй бақшаларын иске түсириўдеги кемшиликлер атап өтилди.

Илажға Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Раматов қатнасты ҳәм қаралған мәселелер бойынша кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша мәжилисте тийисли қарар қабыл етилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.