Өткен сәршемби күни «Нөкис» халықаралық аэропортында саатына 400 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе жаңа терминал пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Раматов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа терминалдың иске түсиўи менен қутлықлады ҳәм ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде пуқаралық авиациясын раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимиздиң пайтахты Ташкент қаласында, ўәлаятларда, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасында «Өзбекстан ҳаўа жоллары»  миллий авиакомпаниясы тәрепинен аэропортлардың инфраструктурасы басқышпа-басқыш модернизацияланып, заманагөй, бүгинги күнниң талабына толық жуўап беретуғын терминаллар қурып питкерилмекте. Елимизде туризмди буннан былай да раўажландырыўда, жәҳәнниң көплеген мәмлекетлеринен келип атырған туристлерге сапалы хызмет көрсетиўде ҳәм олардың санын көбейтиўде бундай терминаллар айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

«Нөкис» халықаралық аэропортында пайдаланыўға тапсырылған  жаңа терминал жолаўшыларға халықаралық стандартларға муўапық хызмет көрсетиў имканиятын беретуғын ең заманагөй техникалар менен үскенеленген. Имаратқа жоқары дәрежеде авиация қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын инженерлик ҳәм технологиялық үскенелер орнатылған. Сондай-ақ, ушыў алдынан қадағалаў және жүклерди қабыл етип алыў майданшалары,  жолаўшылардың дизимнен өтиў орынлары кеңейтилди.  Бул жердеги жергиликли ҳәм халықаралық авиажөнелислерге ушатуғынлар ушын зал, ана ҳәм бала бөлмелери, медициналық пункт, валюта алмастырыў шақапшасы, сувенир дүканлары, кафе-бар жолаўшылардың хызметинде.

Жаңа терминалдың дизайнин ислеп шығыўда аймағымыздың ықлым шараяты есапқа алынғанлығы менен де әҳмийетли. Бул болса жолаўшыларға хызмет көрсетиў сапасының жақсыланыўына, республикамызға келип атырған туристлердиң ҳәм бирге ислесиў тилегин билдирген шет ел авиакомпаниялары санының артыўына, жаңа жөнелислердиң ашылыўына хызмет етеди.

Аэродромға халықаралық стандартларға жуўап беретуғын заманагөй жақтыландырыў-сигналы ҳәм аэронавигация үскенелери орнатылған. Сонлықтанда, бүгинги күни «Нөкис» халықаралық аэропорты ҳәр қандай маркадағы самолётларды және вертолётларды қабыл етиў имканиятына ийе.

Илаж қатнасыўшылары жаңа терминалда жолаўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Жыйналғанларға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.