10-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қ.Қуронбоевтың басшылығындағы тийисли тараў басшыларынан дүзилген арнаўлы топар ағзалары республикамыздың Қараөзек, Кегейли ҳәм Шымбай районларында да болып, жаслар менен ушырасып, олардың усыныслары менен мүрәжатларын тыңлады.

Қараөзек. Районда шөлкемлестирилген ушырасыўда 5 жас исбилерменниң жаслар гүзары комплекси, турмыслық хызмет көрсетиў, гербиш заводы, монша, шаштәрезхана қурыў бойынша билдирген усыныслары тыңланып, оларға жәми 1 миллиард 320 миллион сумлық жеңиллетилген кредит берилетуғын болды.

Шымбай. Райондағы 11 жас исбилермен өз пикир-усыныслары менен ортаға шықты. Олардың жаслар гүзары комплекси, тигиўшилик, зергерлик, мебель ислеп шығарыў, автотех хызметин көрсетиў, қапламалы стадион қурыў, балықшылық, қусшылық пенен шуғылланыў бойынша билдирген усыныслары мақулланып, оларға жәми 2 миллиард 900 миллион сумлық жеңиллетилген кредит ажыратылатуғын болды.

Кегейли. Бул жерде 29  жас исбилерменге жәми 3 миллиард 600 миллион сумлық қаржы ажыратылатуғын болды. Олар да автотех хызмети, шарўашылық, нан өнимлерин ислеп шығарыў, фермерлик, қусшылық, тигиўшилик, шарўашылық, хана қурыў, турмыслық хызмет көрсетиў тараўларында өз жумысын баслайтуғын болды.

Жаслар менен ушырасыўлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.