Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қ.Қуронбоевтың республикамыз районларындағы сапары даўам етпекте.

Хожели районында өткерилген ушырасыўда усы районда жасайтуғын 8 жас исбилерменниң мүрәжатлары көрилип, олардың хызмет көрсетиў, электросервис, шеге ислеп шығарыў, тигиўшилик, усташылық ҳәм басқа да хызметлерди жолға қойыўы ушын жәми 1  миллиард 751  миллион сумлық жеңиллетилген кредитлер берилетуғын болды.

Сондай-ақ, жас исбилермен Ж.Кәримбаевтың шарўашылық пенен шуғылланыўы бойынша мүрәжаты көрип шығылып, сол жердиң өзинде оның мүрәжаты қанаатландырылып, оған жеңиллетилген кредит тийкарында нәсилли 2 қара мал алыўы ушын 17 миллион сум берилетуғын болды.

Нөкис районындағы ушырасыўда балықшылық пенен шуғылланатуғын жас исбилерменлер ушын 200 миллион сум, ҳаял-қызлардың усыныслары инабатқа алынып, оларды кәсипке бағдарлаў бойынша Жаслар аўқамы дөгереклери ушын 40 тигиў машинасы ҳәм кулинария дөгереклери ушын зүрүр инвентарлар ажыратыў белгилеп алынды. Ал, Шоманай районында жас исбилермен А.Жаббарбергенов тәрепинен район орайында «Жаслар мийнет гүзары» комплексин қурыў бойынша усынысы билдирилди.

Мағлыўмат ушын, 9-10-июль күнлери даўамында топар ағзалары республикамыз районларындағы жәми 11 мыңнан аслам шаңараққа үйме-үй кирип шығып, 1220 түрдеги ҳәр қыйлы машқалаларды анықлаған. Соннан, бәнтлик бойынша 336, исбилерменлик бойынша 78, банк кредити машқалалары бойынша 64, фермерлик бойынша 46, қурылыс тараўы бағдарында 31 ҳәм басқа да машқалалар анықланған.

Анықланған машқалалардың 122 си өз орнында шешимин тапқан, қалғанлары бойынша тийисли жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.