10-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик Кеңесгөйи – Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қ.Қуронбоевтың республикамыз районларындағы сапары даўам етип, ол Тахтакөпир районы жаслары менен де ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдеги ««Жаслар – келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманында белгилеп берилген ўазыйпаларға муўапық, жас исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды бизнес пенен шуғылланыўға тартыў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде район жасларының пикир-усынысларын тыңлады.

Мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешимин тапты.

  • Ушырасыўда, Тахтакөпир районы «Дәўир» МПЖ аймағында жасайтуғын Н.Аймишованың кондитер өнимлерин, П.Уралбаеваның хызмет көрсетиў орайларын шөлкемлестириў мақсетинде билдирген мүрәжатлары қанаатландырылып, оларға 60 миллион сумнан аслам кредит ажыратылды,-дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Тахтакөпир районлық Кеңесиниң баслығы Т.Нагимов. – Ал, райондағы «Дәўир» МПЖ аймағында жасайтуғын Н.Назарбаевтың футбол майданын шөлкемлестириў бойынша мүрәжатына муўапық, тийисли кәрхана ҳәм шөлкем басшылары менен биргеликте жер ажыратыў мәселелерин әмелге асырыў ҳәм «Жаслар келешегимиз» қоры есабынан 7 процентлик жеңиллетилген 180 миллион сумлық кредит бериў бойынша усыныс киргизилди.

Сондай-ақ, «Қара ой» МПЖ аймағында жасайтуғын Т.Турымбетов, Г.Жанибековаларға  хызмет көрсетиў ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў ушын усы қордың есабынан 55 миллион сум муғдарындағы 7 процентлик жеңиллетилген кредит бериў бойынша усыныс киргизилди. «Ғәрезсизлик» МПЖда жасайтуғын #.Жамғурбаевтың «Жаслар гузары»н қурыў ҳаққындағы усынысына бола, оған қор есабынан 7 процентлик жеңиллетилген 200 миллион сум кредит бериў бойынша усыныс киргизилди. «Белтаў» АПЖ да жасайтуғын И.Бекимбетовтың балық өршитиў ушын кредит сорап мүрәжат еткен усынысы да мақулланып, оған да қор есабынан 7 процентлик жеңиллетилген 500 миллион сум кредит ҳәм 13 процентлик 500 миллион сумлық кредит, жәми 1 миллиард сумлық кредит бериў бойынша усыныс киргизилди.

Ушырасыўда басқа да бир қатар пикир-усыныслар тыңланып, өз шешимин тапты.

Илажда қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Р.Рахматов қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.