Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл  30-июнь күнги қарарына бола Өзбекстан Республикасы пуқарасының биометрикалық болмаған паспортының әмел етиў мүддети:

– елимиз аймағында 2019-жыл 31-декабрьге шекем;

сырт ел аймағында паспорттың әмел етиў мүддетине шекем создырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң мәлим етиўинше, республикамыздың Нөкис қалалық ҳәм барлық районлық ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлери тәрепинен халықты биометрикалық паспорт пенен тәмийинлеў жумыслары 2013-жылдың май айынан баслап әмелге асырылып келинбекте. Жәми биометрикалық паспорт пенен тәмийинлениўи тийис болған пуқаралардың саны 1 миллион 250 мыңнан асламды қурайтуғын болса, усы күнге шекем республикамыз бойынша 1,171,386 пуқараға биометрикалық паспорт рәсмийлестирилип берилген. Бул 96,28 процентти қурайды.

Соның менен бирге бүгинги күнде 45 242 пуқараны биометрикалық паспорт пенен тәмийинлеў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги