Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жумыссызлық дәрежесин азайтыў, мийнетке жарамлы пуқаралардың мийнет етиўи ҳәм исбилерменлик жумысын әмелге асырыўы ушын шараятлар жаратыў мақсетинде жумыс излеп атырған мүтәж шахсларды кәсиплик таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасын кеңейтиў 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында тийкарғы ўазыйпалардан бири етип белгиленген.

Депутатлардың аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, экономика тармақлары  ҳәм социаллық тараўдың жағдайы бойынша орынларда алып барған үйрениўлери даўамында және пуқаралардың мүрәжатларында бәнтлик мәселелери көтерилгенин атап өтиў тийис.

Усыған байланыслы, усы жылдың 5-июль күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында өткерилген «Ҳүкимет сааты»на Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри мирәт етилди.

Илаж алдында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 4-июль күни жаслар менен мәнзилли ҳәм системалы ислеў, олар ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде көтерилген мәселелер депутатлардың дыққат-итибарында болды.

Усы мәжилисте дыққат орайда болған жаслардың бәнтлиги, оларды мийнет базарында талап жоқары болған қәнигелик ҳәм бизнес көнликпелерине оқытыў, жумыс пенен тәмийинлеў илажларын депутатлық корпусы алдында да турған әҳмийетли ўазыйпа екенлиги айрықша атап өтилди.

Министр өз мәлимлемесинде атап өткениндей, усы жылдың январь-май айларында республика бойынша  213 мыңға шамалас жумыс орынлары жаратылды. Экономика тармақларында жаңа өндирис қуўатлықларын иске түсириў ҳәм олардың жумыс көлемин кеңейтиў, дәслеп меншиклестирилген ҳәм жумысында немқурайдылық бақланған кәрханаларды раўажландырыў ушын «Жол карта»ларын иске қосыў, аўыллық жерлерде арзан турақ жайлар, көп қабатлы турақ жайлар ҳәм жол-инженерлик инфраструктура қурылысы, социаллық тараўдың инфраструктурасын раўажландырыў және киши бизнес ҳәм жеке бизнести раўажландырыў есабынан жаңа жумыс орынларын жаратыўда усындай көрсеткишлерге ерисилди.

Министр тәрепинен атап өтилгениндей, бундай көрсеткишлерге ерискенлиги менен қанаатланыў керек емес. Себеби, бул бағдарда пайдаланылмаған имканиятлар еле де бар. Тек айырым жуўапкер уйымлар бираз немқурайдылыққа жол қоймақта. Соның ишинде, әмелге асырылып атырған жумыслар менен биргеликте айырым жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында жумыслардың жетерли дәрежеде шөлкемлестирилемегени ҳәм бар имканиятлардың толық жумсалмағаны белгили. Соның ишинде, быйылғы жылдың 1-шереги ушын турақлы жумыс орынларының белгиленген прогноз көрсеткишлери Янгиобод, Зомин, Арнасой, Шовот, Бешариқ, Зангиота, Ўчкуприк, Олтиариқ және Хатирчи районларында орынланбаған.

Көрсетилген мәлимлемеде сыртқы мийнет миграциясы мәселелери бойынша 2018-жылдың өткен дәўири даўамында пуқаралардың сыртқы мийнет миграциясын тәмийинлеў бағдарында системалы жумыслардың әмелге асырылғаны айрықша атап өтилди. Соның ишинде, бул бағдардағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў мәселелерине итибар қаратылған болып, «Мийнет миграциясы ҳаққында»ғы ҳәм «Рекрутинг жумысы ҳаққында»ғы нызам жойбары депутатлар тәрепинен көрип шығылмақта.

Атап өтилгениндей, министрлик тәрепинен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оның турақлы реал дәраматларын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар сын көзқарастан талланбақта ҳәм бул бағдарда бир қатар машқалалы мәселелер анықланып, оларды шешиўге итибар қаратылмақта. Соның ишинде, мийнет базарының бирден-бир информациялық – таллаў системасын жаратыў, жумыссызларды кәсиплик оқытыў системасын жетилистириў, сыртқы миграция мәселелерин қайта көрип жетилистириў илажлары көрилмекте.

Додалаўлар процесинде пуқаралардың, хызметкерлердиң кепилленген мийнет ҳуқықларын ҳәм мийнетин қорғаўды тәмийинлеў, қандай да бир түрдеги мәжбүрий мийнеттен пайдаланыў жағдайларына жол қоймаў, айырым унамсыз жағдайларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша нызашылықты жетилистириўге байланыслы пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж даўамында бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри депутатлардың халықтың бәнтлиги, пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм мийнет базарында жумысшы күшине болған талапты арттырыў бойынша берген сораўларына жуўап берди. Мәжилис жуўмағында усы тараўдағы жумыслар бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаўды алып барыўға келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети