Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёвтиң басшылығында 10-июль күни елимизде улыўма жаңа тараў болған атом энергетикасын қурыў бойынша шөлкемлестириў-техникалық илажларды әмелге асырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.

Дүньяда газ, нефть, көмир ҳәм басқа да дәреклерге болған талап күн сайын артып бармақта. Бул өз гезегинде, усы ресурслар резервиниң кескин азайып кетиўине алып келип атыр. Соның ушын пүткил тиришилик – талап ушын ислетилетуғын ресурслардың альтернатив түринен пайдаланыўға ҳәрекет етпекте. Солардан бири тынышлық мақсетлери жолында атом электр энергетикасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәзирги күнде дүньяның 30 дан аслам елинде атом электр станцияларынан нәтийжели пайдаланылмақта. Ол елдиң экономикасына үлкен пайда келтириў менен бирге, тәбийғый ресурслардың үнемлениўине хызмет етпекте.

Бүгинги күнде елимизде электр энергетикасына болған талап 69 миллиард киловатт-сатты қурайды. Бул қуўатлылықтың дерлик  85 проценти газ ҳәм көмир жағыў арқалы, қалған 15 проценти гидроэлектр станцияларында ислеп шығарылады. Бул ушын жылына  16,5 миллиард куб метр тәбийғый газ, 86 мың тонна мазут ҳәм 2,3 миллион тонна көмир жумсалады.

Келешекте экономиканың өсиўи, халықтың саны ҳәм турмыс дәрежесиниң артыўы есабынан электр энергиясына болған талап буннан былай да артады.

– Егер усы қуўатлылықты тәмийинлеў ушын тәбийғый газден ҳәм көмирден пайдаланыўды даўам ете берсек, олардың  бар резерви белгили ўақыттан кейин таўсылып қалыўы мүмкин. Бул болса келешек әўлад алдында кеширип болмайтуғын қәте ҳәм жынаят болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сол себепли елимизде тыныш мақсетлерде пайдаланыў ушын экологиялық таза ҳәм узақ мүддет таўсылмайтуғын атом энергетикасын қурыўға кирисилди. Россияның «Росатом» мәмлекетлик корпорациясы менен биргеликте атом электр станциясын қурыў бойынша келисимге ерисилди. Бул комплекс  2 энергоблоктан ибарат, ҳәр бириниң қуўатлылығы 1 мың 200 мегаватт болады. Оны 2028-жылға шекем толық иске қосыў режелестирилген.

Атом электр станциясы қурылыў нәтийжесинде жылына 3,7  миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди. Бул дәрек қайта исленип, жоқары қосымша қунға ийе нефть-химия өнимлери ислеп шығарылады.

Атом энергиясы экологиялық таза, бундай станциялар зыянлы ийис газди пайда етпейди. Нәтийжеде елимизде тәбийғый газди жағыўдан пайда болатуғын ҳәм қоршаған орталыққа тарқалатуғын ийис газиниң көлеми жылына 3 миллион тоннаға азаяды.

Мәжилисте атом электр станциясын қурыў, оннан пайдаланыўға байланыслы шөлкемлестириў-техникалық ҳәм әмелий жумыслар додаланды.

Президентимиз бундай объектлерди қурыў бойынша раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында жумыс ислеў, атом электр станциясын жайластырыў бойынша техникалық шәртлерди ислеп шығыў ҳәм геологиялық-изертлеў жумысларын сапалы орынлаў бойынша тапсырмалар берди.

Елимизде жаңа болған усы тараўға тийисли нормативлик-ҳуқықый базаны жаратыў, «Атом энергиясынан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызам ҳәм тийисли қарар жойбарларын ислеп шығыў, олардың МАГАТЭ талапларына ҳәм халықаралық ҳүжжетлерге муўапықлығына айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

– Бул бағдардағы барлық жумысларды муўапықластырыў, ҳүжжетлерди таярлаў. жойбарлаў жумыслары ҳәм сөйлесиўлер алып барыў ушын Министрлер Кабинети жанында жаңа шөлкем дүзиў керек. Соның менен бирге, усы шөлкемниң жанында атом электр станциясын қурыў дирекциясын да шөлкемлестириў зәрүр. Кейин ала бул дирекция атом электр станциясының операторы болып қалады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Ҳәммемизге белгили, атом электр станциясын қурыў ҳәм оннан пайдаланыўда ең заманагөй ҳәм қурамалы технологиялар қолланылады. Бул ушын болса терең билимге ҳәм жоқары маманлыққа ийе болған қәнигелер керек. Сол себепли Ташкентте физика тараўында дүньяда жетекши билимлендириў мәкемелеринен бири есапланған Москва инженерлик-физика институтының филиалын ашыў мөлшерленбекте.

Сондай-ақ, физика ҳәм техника бағдарларындағы жоқары оқыў орынларын питкерген потенциаллы кадрларды таңлап алып, оларды Москва ҳәм Минск қалаларына оқыўға және атом электр станцияларында тәжирийбе арттырыўға жибериў бойынша көрсетпе берилди.

– Усы жойбарды әмелге асырыўда улыўма басқаша система жаратамыз. Бул бағдарда ҳеш қандай бюрократлық тосқынлықлар болыўына улыўма жол қойылмайды, – деди Президентимиз. – Себеби ҳәр тәреплеме узақты гөзлеп режелестирилген экологиялық таза ҳәм зыянсыз бул ири жойбар елимиздиң экономикалық раўажланыўына, халқымыздың турмыс абаданлығын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте ҳәр бир басқыштағы жумысларды пуқта ислеп шығыў ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин қатаң қадағалаўға алыў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА