2018-2019-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларының арнаўлы сыртқы бөлимлеринде төлемли контракт тийкарында оқыў ушын контракт муғдары ең кем мийнет ҳақыға салыстырып төмендегише көрсеткишке ийе болды.

 

Арнаўлы сыртқы бөлимниң билимлендириў бағдарлары бойынша бир студентти бир жыллық оқытыў баҳасы (ең кем мийнет ҳақы муғдарында):

– Педагогика, соның ишинде кәсиплик тәлим;

– Гуманитар пәнлер;

– Математика, әмелий математика ҳәм информатика, тәбийғый пәнлер;

– Социология ҳәм психология;

– Инженерлик жумысы, өндирислик технологиялар;

– Аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы, аўыл хожалығында менеджмент, аўыл хожалық техникасы, ветеринария, ирригация ҳәм мелиорация;

– Социаллық тәмийнат;

– Спорт хызмети;

– Қоршаған орталықты қорғаў, өмир қәўипсизлиги.

15 есе – 2 млн 764 мың 500 сум

 

– Шығыс филологиясы, түркий тиллер филологиясы, роман-герман филологиясы, аўдарма теориясы ҳәм әмелияты, өзбек-инглис аўдарма теориясы ҳәм әмелияты;

– Журналистика ҳәм мәлимлеме;

– Компьютер технологиялары ҳәм информатика, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў, телекоммуникациялық технологиялар;

– Архитектура ҳәм қурылыс;

– Хызмет көрсетиў тараўы;

– Транспорт.

17 есе – 3 млн 133 мың 100 сум

 

– Көркем өнер;

– Архитектура, аўыл аймақларын архитектуралық-жойбарлық жақтан шөлкемлестириў.

20 есе – 3 млн 686 мың сум

 

– Экономика;

– Мәлимлеме-коммуникациялық технологиялар тараўында экономика ҳәм менеджмент;

– Денсаўлықты сақлаў.

22 есе – 4 млн 54 мың 600 сум

 

– Дүнья сиясаты;

– Жәҳән экономикасы ҳәм халықаралық экономикалық қатнасықлар;

– Ҳуқық.

27 есе – 4 млн 976 мың 100 сум

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.