Бүгинги күнде республикамыздың халық билимлендириў системасында 723 мәкеме болып, соның  705 и улыўма орта билим бериў мектеби, төртеўи арнаўлы мектеп ҳәм мектеп-интернатлар, 1 Меҳрийбанлық үйи,  17 си «Бәркамал әўлад» балалар орайы.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң Имарат ҳәм объектлерден пайдаланыўды муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиў бөлиминиң баслығы Қосберген Дәўлетовтан улыўма билим бериў мектеплерин жаңа оқыў жылына ҳәм гүзги-қысқы мәўмисимге таярлаў жумысларының барысы ҳаққында мағлыўмат  алдық.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-февральдағы «Инвестициялық бағдарлама ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы орта билим бериў мектеплеринде бир қатар қурылыс жумыслары алап барылмақта.

Атап айтқанда,  22 (1 тазадан қурылытуғын мектеп,  15 капитал реконструкция ҳәм  6 ири оңлаў жумыслары алып барылып) улыўма билим бериў мектебинде  38528,6 млн. сумлық қурылыс оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң ислеген жумысларының көлеми республика бойынша  58,9 процент, яғный  22692,6 млн. сум болған болса, буйыртпашылар тәрепинен  50 процент, яғный  19260, 8 млн. сум қаржы  жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң есап бетине өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» бағдарламасы ҳаққындағы пәрманы тийкарында болса, республикамыздың  жәми 32 улыўма билим бериў мектебине 15780, 4  млн сум муғдарында қаржы ажыратылып, бул бағдардағы жумыслар қызғын пәт пенен алып барылмақта.

Гүзги-қысқы мәўсимге көмир (брикет) жанылғысын жеткерип бериў мақсетинде республикамыздағы 545  көмир менен жылытылатуғын билимлендириў мәкемелерине жәми 1706 тонна көмир жанылғысын жеткерип бериў ушын жергиликли бюджет қаржылары есабынан  267,0 млн. сум, 4136 тонна брикет жеткерип бериў мақсетинде  984, 6  млн. сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Бүгинги күнде билимлендириў мәкемелерине 936,5 тонна брикет жанылғысы жеткерилип берилди. Ал, республикамыз бойынша жәми  142 билимлендириў мәкемесинде  444 ысытыў қазанханаларын жаңа заманагөй ысытыў қазанханаларына алмастырыў ушын жергиликли бюджеттен  2310,0 млн.сўм қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Солай етип, республикамыздаң барлық улыўма билим бериў мектеплеринде бул ийгиликли ислер  даўам етпекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы