И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеп-интернатының 9-класс оқыўшысы Жолдасбаева Гулпаршын 7-9-июль күнлери аралығында Токио қаласында «Сакура» илимий бағдарламасы шеңберинде өткерилген  семинарға қатнасып келди.

 

– Японияға Өзбекстаннан он адам қурамында делегация болып бардық, –  дейди Гулпаршын Жолдасбаева. – Токио қаласындағы бир неше билимлендириў мәкемелеринде, музейлерде, дыққатқа ылайық орынларда болдық. Японияда ҳәзирги ўақытта оқыў процеси даўам етпекте. Оларда билимлендириў  үзликсиз, тереңлестирилген тәризде алып барылады екен. Технологиялар жоқары дәрежеде раўажланған. Менде оғада жақсы тәсир қалдырды.

– Оқыўшымыз белсенди, үмитли жаслардан бири болып,  инглис тилинде қосықлар жазады, – дейди мектеп-интернат директорының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Жақсылық Бийимбетов. – Японияға жолламаны сол билимлериниң нәтийжесинде, халық билимлендириў министрлиги тәрепинен өткерилген сәўбеттен табыслы өтип қолға киргизди.

Соны да айрықша атап өтиўимиз керек, Қарақалпақстан Республикасынан бир ўәкил қатнасқан бул илаж Япония – Азия жасларының илимдеги алмасыў бағдарламасы көлеминде өткерилип, ол келешекте илимий-техниканы бирге ислесиў жәрдеминде раўажландырыўға, Азия жасларының Японияның илим ҳәм технологиясына қызығыўшылығын арттырыўға қаратылған.

 

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы