Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик Кеңесгөйи – Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы  Қ.Қуронбоевтың республикамыздың районларында болып жаслар менен ушырасыўлары даўам етпекте.

9-июль күни ол Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районларының жаслары менен «Жаслар келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасын үгит-нәсиятлаў ҳәм жаслардың усыныслары менен мүрәжатларын үйрениў мақсетинде ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдағы «Жаслар – келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-5466-санлы Пәрманында белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилип өтилди.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта усы пәрман талапларының орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде дүзилген жумысшы топар ағзалары Қарақалпақстан Республикасында, ҳәр бир қала ҳәм районларда болып, жаслардың дөретиўшилик қәбилети ҳәм жойбарлары менен танысып, әмелий жәрдем көрсетпекте.

Яғный, жаслар кредит алмақшы болса, онда жетерли қаржы жоқ болғаны себепли кепил  ямаса гиреў зәрүр болады. Усындай пайытта пәрманға тийкарланып шөлкемлестирилген «Жаслар келешеги» қоры жаслардың алмақшы болған кредит көлеминиң 50 проценти муғдарында кепиллик береди. Бизнес реже, стартап,  идея ҳәм жойбарларын әмелге асырыўы ушын  коммерциялык банклер арқалы  жыллық 7 процент ставкасы менен  жеңиллетилген кредит ҳәм мүлктиң лизингке берилиўи тәмийинленеди.

Ушырасыўда 20 дан аслам исбилермен жаслардың бизнес режелери, идеялары ҳәм басламалары менен танысқан жумысшы топар ўәкиллери сол жердиң өзинде мәселелерин унамлы шешиўге ҳәрекет етти. Солардан, Қоңырат районында жасайтуғын Салаўат Жаббарбергенов 150 миллион сум, Қанлыкөл районында жасайтуғын Сәрбиназ Сабурова 200 миллион сум муғдарында 7 процентлик жеңиллетилген кредит алатуғын болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Р.Рахматов қатнасты.

Усы бағдардағы ушырасыўлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.