9-июль күни Мойнақ районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қ.Қуронбоевтың район жаслары менен «Жаслар келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасын үгит-нәсиятлаў ҳәм жаслардың усыныслары менен мүрәжатларын үйрениў мақсетинде ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдеги «Жаслар – келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-5466-санлы Пәрманында белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилип өтилди.

Сондай-ақ, жас исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды бизнес пенен шуғылланыўға тартыў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде район жасларының пикир-усынысларын тыңлады.

Мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешимин тапты.

Атап айтқанда, Мойнақ районы «Арал» МПЖ аймағында жасайтуғын А.Турғанбаеваның «Китапхана» шөлкемлестириў мақсетинде билдирген мүрәжаты қанаатландырылып, райондағы бос турған имаратларды қайта хатлаўдан өткериў ҳәм әмелге аспайтуғын келешеги жоқ жойбарлардың орнына алмастырыў бойынша усыныс берилди.

Ал, райондағы «Жайҳун» МПЖ аймағында жасайтуғын Б.Бекмуратовтың футбол майданын шөлкемлестириў бойынша мүрәжатына муўапық тийисли кәрхана ҳәм шөлкем басшылары менен биргеликте жер ажыратыў мәселелерин әмелге асырыў ҳәм қор есабынан 7 процентлик жеңиллетилген кредит бериў бойынша усыныс киргизилди.

Сондай-ақ, «Мойнақ» МПЖ аймағында жасайтуғын Ж.Асеновтың улыўма аўқатланыў шақапшасын шөлкемлестириў, «Үшсай» АПЖда жасайтуғын Т.Уразбаевтың монша хызметин шөлкемлестириў, «Таллы өзек» МПЖда жасайтуғын С.Абдуллаевтың халыққа фото-видео хызметин көрсетиў, «Бозатаў» АПЖ аймағында жасайтуғын Н.Тоғызбаевтың аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў мақсетинде ыссыхана шөлкемлестириў,  «Жайҳун» МПЖ аймағында жасайтуғын С.Утемуратова ҳәм Ш.Жумабаевалардың туризмди раўажландырыў ҳәм И.Ҳамидуллаевтың кондитер өнимлерин ислеп шығарыў бойынша берген мүрәжатларына муўапық жойбарларды әмелге асырыў майданлары ҳәм бар имаратлар үйренилип, қор есабынан 7 процентлик жеңиллетилген кредит ажыратыў бойынша анық усыныслар киргизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Ушырасыўда райондағы Жаслар аўқамының белсенди сәрдарлары, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери, сондай-ақ, райондағы тәрбиясы аўыр балалар ҳәм ишки ислер бөлиминде профилактикалық есапта туратуғын жаслардың дизимин дүзип, олардың арасынан 50 баланы жазғы дем алыў орайларында дем алыўы ушын бийпул жибериў бойынша усыныслар берилди.

Ушырасыўда басқа да бир қатар пикир-усыныслар тыңланып өз шешимин тапты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Р.Рахматов қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.