30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис районлық Кеңеси усынысы менен район ҳәкимлиги қәўендерлигинде 5 кем тәмийинленген шаңарақ перзентлериниң жаслар тойлары өткерип берилди, деп хабар бермекте район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты.

 

 

Жаслардың бахыт тойында район ҳәкими А.Сейтахов, районлық «Нураный» қоры баслығыТ.Әбдижаббаров ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары У.Хожамуратовлар шығып сөйлеп, жасларға бахыт тиледи ҳәм шөлкемлестириўшилердиң саўғаларын тапсырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги