Мәжбүрий орынлаў бюросы Шымбай районы бөлими хызметкерлери тәрепинен энергия ресурслары ҳәм ишимлик суўы тараўындағы ҳуқық­бузарлыққа қарсы гүресиў бойынша соңғы ўақытлары бир қанша унамлы ислер алып барылмақта.

Атап айт­қанда, усы жыл басынан баслап энергия ресурслары ҳәм ишимлик суўынан пайдаланыў қағыйдаларын буз­ған 46 жағдай анықланып, соннан 4 лаўазымлы шахс ҳәм 30 физикалық шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды. Қалған 12 ҳалат бо­йынша ҳәзирги ўақытта сорастырыў ислери алып барылмақта. Бул ҳаққында Мәжбүрий орынлаў бюросы Шымбай районы бөлими баслығы орынбасары А.Абатовтың район ҳәкимлиги рәсмий сайтында жәриялаған материалында сөз етилген.

Бул бо­йынша мысал келтирсек, яғный 2018-жыл 18-июнь күни бөлим хызметкерлери тәрепинен Шымбай районы «Жипек жолы» МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралардың энергия ресурс­лары ҳәм ишимлик суўынан пайдаланыў жағдайын көзден өткериў барысында, усы аймақта жасаўшы «Т» атлы пуқараның жасаў үйиндеги хожалығындағы газ плитасына насос үскенесин жалғап, тәбийий газден пайдаланып атырғанлығы анықланды.

Бундай ҳуқықбузарлықлар «Тағжап» АПЖ аймағында жасаўшы «П» атлы жеке исбилерменниң ҳәм «Қа­ракөл» МПЖ аймағында жасаўшы «А» атлы жеке исбилерменлер тәрепиненде исленгенлиги анықланып, бул ҳалатлар, ти­йисли тәртипте рәсмийлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 12-январь күнги тастыйықланған «Тәбийий газден пайдаланыў қағыйдалары»ның 123-бәнтинде, тутыныўшы тәрепинен газ қубырлары яки газ бөлистириў шақапшаларында, газ бөлистириў тармақларын технология ис режимин бузыўға алып келетуғын қурылмаларды (яғный насос) орнат­қанлығы ушын тутыныўшыдан пайдаланылған тәбийий газ көлеми баҳасы (әмелдеги тарифлер бойынша) Бюро яки газ тәмийнаты шөлкеминиң ўәкилликли хызметкери соңғы көриктен өткерген ўақыттан баслап, газден пайдаланыў үскенесиниң сутканың 24 саатында толық қуўатлылығы менен ислеў есабынан келип шыққан ҳалда өндирилетуғынлығы белгиленген.

Сонлықтан нызамшылық талапларына тийкар тәбийий газден пайдаланыў қағыйдалары бузылғанлығы ушын есап-китап қылынып, бул тутыныўшылардың қарсысына ҳуқық­бузарлық ҳаққындағы баяннамалары рәсмийлестирилди ҳәм жуўапкершилик мәселесин көрип шығыў ушын Шымбай районы Ҳәкимшилик судына жиберилди.

Буннан тысқары, халық арасында бюро жумысын түсиндириў, энергия ресурсларын пайдаланыў бойынша ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, олардың төлем мәдениятын асырыў илажларын көриў мақсетинде бир қанша үгит-нә­сият жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги