Резидент болған физикалық шахсларға коммерциялық банктиң арнаўлы бағдарламасынан пайдаланған ҳалда сырт ел валютасын сатып алыў, сатыў ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа операцияларды әмелге асырыў имканияты берилмекте, деп жазады «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Бунда резидент есапланған физикалық шахслар арнаўлы бағдарламаны компьютерге (соның менен бирге, планшет, мобиль телефон ҳәм басқа қурылмаларға) жүклеп алады ҳәм оннан пайдаланады.

Коммерциялық банктиң арнаўлы бағдарламасынан пайдаланған ҳалда валюта алмастырыў операцияларын әмелге асырыўы ушын физикалық шахс атына банк картасы ҳәм халықаралық төлем картасы ашылған болыўы керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.