3-4-июль күнлери Нөкис районында БМШның Ықтыярлылар Бағдарламасы тәрепинен ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте орынларда жәмийетлик ықтыярлыларды таярлаў бойынша семинар-тренинг басланды.

Еки күн даўам ететуғын оқыў-тренингинде БМШның Бирликтеги Бағдарламасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң қәнигелери жәрдеминде әпиўайы аўыл турғынларынан ибарат болған қатнасыўшылар өзлериниң медициналық билимлерин асырып, бир қанша аты аталып өтилетуғын кеселликлердиң алдын алыў бойынша билимлерин жетилистирген түрде, соның менен бир қатарда халықтың арасында бул мәселелерде түсиник жумысларын алып барыў бойынша көнликпелерге ийе болмақта. Тренинглер жуўмағында қатнасыўшыларға арнаўлы сертификатлар, оқыў қолланбалар ҳәм басқа да зәрүрли материаллар тапсырылып келинбекте.

 

 

Семинар-тренинг Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан ҳүкимети ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң төрт агентлиги (БМШРБ, ЮНЕСКО, ЮНФПА ҳәм БМШЫБ) менен биргеликтеги «Арал бойы регионы ушын инсан қəўипсизлиги бойынша көп шериклик фондын шөлкемлестириў арқалы Арал теңизи апатшылығынан жəбир көрген халықтың турмыс шəраяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» атамасындағы Бирликтеги Бағдарламасы шеңберинде өткерилип атыр.

Бағдарламаның тийкарғы мақсети Арал теңизи аймағындағы экологиялық апатшылық ақыбетинде жүзеге келген машқалаларды шешиў ҳәм усы аймақта жасаўшы халықтың экономикалық абаданшылығын арттырыў, ден-саўлықты сақлаў системасын жетилистириў ҳәм жергиликли басқарыў уйымларының потенциалын күшейтиўге жәрдем бериўден ибарат.

 

 

Жойбар шеңберинде БМШниң Ықтыярлылар Бағдарламасы тәрепинен Қаракалпақстан Республикасы Ден-саўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқада шөлкемлер менен биргеликте халықтың саламатлығын тәмийинлеў мақсетинде жойбарға қамтылған 10 (Мойнақ, Қараөзек, Шоманай, Кегейли, Қоңырат, Тахтакөпир, Хожели, Қанлыкөл, Шымбай ҳәм Нөкис районлары) район аймағында денсаўлықты сақлаў тараўы бойынша 2000 жәмийетлик ықтыярлыларды (волонтёрларды) таярлаў белгиленген.

 

 

Халықтың арасынан таярланған жәмийетлик ықтыярлылар тәрепинен орынларда халықтың медициналық мәденияты ҳәм билимлерин асырыў, регионымызда тәбийғий ықлымның өзгериўи ҳәм экологиялық жағдайдың төменлеўи нәтийжесинде көп тарқалған  дем алыў жоллары, жүрек қан-тамыр, асқазан-ишек кеселликлериниң алдын алыў ҳәм ана-бала саламатлығын беккемлеў мәселелеринде үгит-нәсият жумыслары алып барылыўы нәзерде тутылған.

Режедеги семинар-тренинглер 2018-жыл июнь айынан баслап БМШның Ықтыярлылар Бағдарламасы тәрепинен ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте орынларда жәмийетлик ықтыярлыларды таярлаў бойынша еки күн даўамында өткерилип келинбекте. Бүгинги күнге келип Мойнақ районынан 120 волонтёр ҳәм Қараөзек районынан 180 ықтыярлы таярланып, халықтың медициналық билимлерин асырыў бойынша өз жумысларын алып барып атыр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Н.Жамалов