10-11-июль күнлери Өзбекстан бойлап ҳаўаның температурасы орташа көп жыллық көрсеткишлерден 5-7 градус жоқары болған аномал ыссы ҳаўа райы  сақланып қалынады. Күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 40-43 градусқа шекем ыссы болады, деп хабар бермекте ӨзА.

Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын болмайды. Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте есип атырған самал айрым жерлерде секундына 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Кешки ўақытлары 24-29, күндизги ўақытлары 38-43 градус ыссы болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги