Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 8-9-июнь күнлери Астана қаласында болып өткен ШБШ саммитинде қатнасып, шөлкем орайлары-халық дипломатиясының турақлы жумыс алып баратуғын институтларын шөлкемлестириў имканиятларын көрип шығыўды усыныс еткен еди.

Усы баслама ҳәм усынысларды жүзеге шығарыў, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ўазыйпаларын табыслы әмелге  асырыў мақсетинде Өзбекстанда Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Халық дипломатиясы орайы шөлкемлестирилди. Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 26-июндеги «Өзбекстанда Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Халық дипломатиясы орайы шөлкемлестирилиўин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарары бунда ҳуқықый тийкар болып  хызмет етти.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитетинде 6-июль күни ШБШтың турақлы жумыс алып баратуғын Халық дипломатиясы шөлкемлестириўшилериниң биринши мәжилиси болып өтти. Онда орайдың Муўапықласытырыўшы кеңесине ағза тийисли министрликлер ҳәм мәкемелердиң басшылары қатнасты.

Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитетиниң баслығы Рустамбек Қурбонов қатнасыўшыларға  орайдың тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында мағлыўмат берди. ШБШ еллери арасында өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылықты, миллетлераралық ҳәм динлераралық татыўлықты беккемлеўде турақлы жумыс алып баратуғын бул институттың үлкен әҳмийетке ийе екенлиги айрықша атап өтилди.

Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитети, Сыртқы ислер, Мәденият, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Денетәрбия ҳәм спорт министрликлери, Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Илимлер академиясы, Көркем өнер академиясы, Жаслар аўқамы, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы, Жазыўшылар аўқамы  орайдың шөлкемлестириўшилери сыпатында атап өтилди.

Шөлкемлестириў мәжилисинде орайдың Режеси, Муўапықласытырыў кеңеси ҳәм  тексериў комиссиясының ағзаларын тастыйықлаў мәселелери көрип шығылды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди. Орай директоры лаўазымына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери бойынша комитетиниң ағзасы Раҳматулло Назаровтың кандидатурасы бир даўыстан тастыйықланды.

Илаж қатнасыўшыларының атап өткениндей, орайдың шөлкемлестирилиўи тек ғана регионда емес, ал дүньяда миллетлераралық қатнасықларды ҳәм халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да бекемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Сәўбетлесиў барысында, сондай-ақ, орай жумысын шөлкемлестириў, оны қаржыландырыў қәсийетлери, тараўға қәниге кадрларды тартыў, сырт елли шериклерди табыў мәселелери ҳаққында сөз жүргизилди.

Мәжилистиң жуўмағы бойынша арнаўлы қарар қабыл етилди.

ӨзА